Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби
ҳаққында»ғы Нызам 1993-жыл 9-апрелде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң
ХII сессиясында қабылланды.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының
суверенли мәмлекет екенин аңлатады.
Қарақалпақстан
Республикасының Мәмлекетлик гербиниң –оңы тәрепинде салы масақлары, сол тәрепинде
ашылған пахта, пахтаның гөреклери ҳәм таў артынан шығып киятырған қуяш,
Әмиўдәрья ҳәм Арал мысалы болған дәрья ҳәм теңиз суўретленген.
Гербтиң жоқарғы
бөлегинде сегиз қырлы формадағы сүўрет болып, ол халықлар бирлигиниң, оның
ишиндеги ярым ай ҳәм жулдыз суўрети мусылманлардың муқаддес тымсалы есапланады.
Гербтиң орайында сақыйлық, уллылық ҳәм белсендилик тымсалы болған таң
қаларлықтай қумай қусы қанатларын жайып тур. Қумай қус суўретиниң артында
қарақалпақ халқының тарийхый-мәдений естелиги есапланған «Шылпық» қорғанының,
яғный халқымыздың мәденияты менен тарийхы узақ-узақларға барып тақалса да
барқулла наўқыран ҳәм еркинлигин аңлатыўшы қорған сүўретленген.
Гербтиң төменги бөлегинде
Республиканың мәмлекетлик байрағын аңлатыўшы дәстеленген лентаға "
Қарақалпақстан" деп жазып қойылған.