Мәмлекетимизде билимлендириў тараўына қаратылған итибар, оны раўажландырыў бағдарындағы әмелий ислер, ертеңги билимли келешектиң жетилисип шығыўына тийкар жаратады. Өзбекстан Республикасы Президентинин 2022-жыл 3-февралдағы Пәрманы менен билимлендириў системасын реформалаў бойынша Миллий кеңестиң тастыйықланыўы билимлендириў системасын реформалаў, сырт мәмлекетлердиң ең алдынғы тәжрийбелери тийкарында билимлендириў сапасын арттырыў, педагог кадрлардың билими ҳәм маманлығын халықаралық дәрежеге алып шығыўда улкен әҳмийетке ийе болды.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңесинде билимлендириў системасын реформалаў бойынша Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық кеңеси тәрепинен алып барылған үйрениў жумыслары ҳәм
алдағы ўазыйпаларға бағышланып мәжилис болып өтти.
Мәжилисти Қаракалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңесиниң Баслығы Қахраман Сариев алып
барды ҳәм аймақлық кеңестиң республикамыздағы
улыўма билим бериў мектеплеринде алып барған уйрениў жумыслары бойынша мағлыўматларға
тоқталды.
Мектеплерде оқыўшыларға берилип атырған билим сапасы,
оқытыўшылардың потенциалы, билимлендириў орынларының рейтинг нәтийжелери үйренилгенинде
бир қанша кемшиликлер бар екенлиги анықланған.
Мәжилисте мектеплерде
билим бериў сапасын жақсылаў, жоқары категориялы педагоглар менен тәмийинлеў
ҳәм компьютер, лаборатория класларын заманагөй талаплар тийкарында үскенелеў
мәселелери додаланды.