Азия раўажланыў банки қатнасыўындағы А-380 «Ғузор-Бухара-Нукус-Бейнеў» автомобиль жолының 964-1204 км (240) бөлиминде цементобетон қапламасы менен реконструкция қылыў жойбарының барысы менен танысыў мақсетинде Азия раўажланыў банкиниң Орайлық ҳәм батыс Азия департаменти, Транспорт ҳәм коммуникациялар бөлими хызметкери Паван Карки басшылығындағы делегация Қарақалпақстан Республикасында болды.
Делегация ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңеси Баслығы Қахраман Сариев қабыллады. Ушырасыў даўамында биргеликте әмелге
асырылып атырған жойбардың әҳмийетине тоқталып өтилди.
Соның менен бирге, А-380 “Ғузор-Бухоро-Нукус-Бейнеу”
автомобиль жолының 25 км узынлықтағы 673-698 км аралығын реконструкция қылыў
жойбарын 2022-жылда баслаў бойыншада сөйлесиўлер алып барылды.
ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети