Пүткил елимиз бойлап
жасарыў ҳәм жаңаланыў, жақсылық ҳәм кеңпейиллик әййямы – Наўрыз улыўма халықлық
байрамы жоқары шөлкемлескенлик пенен белгиленбекте.
Бүгин улыстыӊ уллы күни
пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер
музейи алдында көтериңки руўхта өткерилмекте.
Музей алды Наўрыз
байрамына сай етип, ояныў пасылы бәҳәр ҳәм миллийлигимизди сәўлелендириўши
безеўлер менен безетилген.
Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов ҳәм Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Наўрыз улыўма халықлық
байрамы мүнәсибети менен көркем өнер шеберлери менен бирге жас талант ийелери
тәрепинен атқарылған театрластырылған байрам тамашасы, миллий қосық ҳәм ойынлар
жыйналғанларға байрам кейпиятын инам етпекте.
Наўрыз улыўма халықлық
байрамы мүнәсибети менен пайтахтымыздағы Жаслар орайы алдындағы майданда да
байрам сейиллери өткерилмекте.
Халқымыз миллий тиклениў ҳәм миллий раўажланыўдың жаңа басқышына қәдем қойған ҳәзирги ўақытта барлық ийгиликли қәдириятларымыз бенен дәстүрлеримиз қатары Наўрыз байрамының да турмысымыздағы орны ҳәм әҳмийети артып бармақта.
Әсиресе, өсип киятырған
жас әўладты кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда, олардың қәлбинде ўатансүйиўшилик,
миллий қәдриятларымызға ҳүрмет, тәбиятты қәстерлеп-абайлаў сыяқлы сезимлерди
оятыўда бул әййемги байрам үлкен әҳмийетке ийе.
Байрам сейиллеринде
халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам
тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Елимиз бойлап байрам
сейиллери даўам етпекте.
ҚР Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети