Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында, жаңадан баспадан шыққан «Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў» әмелий қолланбасын таныстырыў кешеси өткерилди.
Кешени Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мәсләҳәтшиси – Министрлер Кеңеси жанындағы Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң баслығы П.Дабылов алып барды.
Илажда Өзбек тилин раўажландырыў фондының атқарыўшы директоры А.Эминов, Әлийшер Наўайы атындағы Өзбек тили ҳәм әдебияты университети жанындағы Мәмлекетлик тилде ис жүргизиў тийкарларын оқытыў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайының директоры И.Азимов, усы орайдың Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Ф.Бабаджанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бул китаптың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтип, китап туўралы мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик тилдиң жедел енгизилиўиндеги тийкарғы мәселелерден бири – ис жүргизиў системасын толық мәмлекетлик тилге өткериўден ибарат. Бунда ис жүргизиў бойынша түрли, ҳәттеки, анық тараўлар бойынша қолланбалар ислеп шығыў ҳәм көп нусқаларда баспадан шығарыў айрықша әмелий әҳмийетке ийе.
Қолланбада ҳәкимликлер, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ис жүргизиў жумысларында ең көп қолланылатуғын ҳүжжетлер, оларды дүзиўдиң тәртип-қағыйдалары орын алған. Олар тийисли үлгилер менен көрсетилген. Қолланба биринши гезекте, кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары ҳәм хызметкерлерине басқарыў хызметинде тиккелей ҳүжжет үстинде ислеўшилер, хаткер-референтлер, кадрлар жумысы хызметкерлерине арналған. Соның менен бирге, оннан есапшылар, әдиллик мәсләҳәтшилери, аудиторлар, менеджерлер де пайдаланыўы мүмкин.
– Ҳәр бир пуқара, мейли, қайсы лаўазымда болыўына қарамастан күнделикли турмыста белгили бир мәкемеге жазба түрде мүрәжат етиўине, арза, ямаса, ҳеш болмағанда тил хат жазыўына туўра келеди. Кәрхана, мәкеме яки шөлкемлердиң де ис жүргизиўи қатнас қағазларысыз болмайды, әлбетте,-дейди орайдың Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Ф.Бабаджанов. – Бул китап мың нусқада баспадан шықты ҳәм бийпул тарқатылмақта. Жақын арада және мың нусқасы шығарылыўы күтилмекте.
Усы китаптың қарақалпақ тилинде шығарылыўы, республикамыздағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердеги ис жүргизиў қағазларын белгиленген тәртип-қағыйдаларға муўапық таярлаўы, анық, қәтесиз жазыўы, соның менен бирге, қарақалпақ тилиниң тазалығын сақлаў ушын да үлкен әҳмийетке ийе.
Китап шөлкемлестириў ҳүжжетлери, бийлик ҳүжжетлери, мағлыўмат-хабар ҳүжжетлери, хызмет хатлары, хызметкерлердиң жумысына байланыслы ҳүжжетлер, ҳүжжет үстинде ислеў тәртиби, ис жүргизиў атамалары ҳәм ис жүргизиўде өнимли қолланылатуғын бирликлердиң қарақалпақша-өзбекше-русша сөзлиги, қарақалпақ тилиниң тийкарғы орфографиялық қағыйдалары сыяқлы бөлимлерге бөлинген болып, керекли барлық мағлыўматларды өз ишине қамтып алған.
Илаж қатнасыўшылары китап туўралы өз пикирлерин билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги