Бүгин, 19-декабрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласындағы
атшабар майданында «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» шеңберинде «Зүрәәт
байрамы» болып өтти.
Атшабар майданының алдына қара үйлер тигилип, аўыл хожалығы өнимлериниң көргизбеси, байрам концертлери шөлкемлестирилген болса, байрамға жыйналған халқымыз дәслеп арқан тартыс ойынын тамашалады.
Арқан тартыс бойынша 1-орынды Шымбай районы ўәкиллери жеңип алды. Сондай-ақ, байрам шеңберинде қошқар дүгистириў тамашалары да даўам етти.
Байрам тамашалары шеңберинде
Қарақалпақстанның бас палўанлары қатнасыўындағы беллесиўлерге бас байрақ – Ласетти «Gentra»
автомобили қойылды.
Барлық қарсыласларын жеңип, бас байраққа
талабан болған еки палўан –Шоманай районынан Мийирбек палўан ҳәм Зарапат
палўанлар өз ара беллести. Онда Зарапат палўанның қолы бәлент
келип, Бас байрақ – Ласетти «Gentra» автомобилин жеңип алды.
Соның
менен 5 айлаў, 7 айлаў ҳәм 10 айлаўға ат жиберилди. 10 айлаўдың бас байрағы Ласетти «Gentra» Ташкент
қаласынан келген шабандозға несиб етти.
Төменде сиз усы илажлардан таярланған фоторепортажды тамашалаўыңыз мүмкин.