Бүгинги күнде мәмлекетимизде денсаўлық тараўын түптен
жақсылаў, тараўға жоқары технологияларды енгизиў, алыс аймақларда жоқары
медициналық жәрдем көрсетиў ушын шараятлар жаратыў ҳәм халықтың саламатлығын
арттырыў баслы мәселе айланған.
Усы мақсетте бүгин Қарақалпақстан Республикасындағы медицина хызметкерлери менен тараўдағы машқалалар ҳәм жетискенликлер бойынша ашық сәўбет болып өтти.
Ашық сәўбетке Өзбекстан Республикасы Президентиниң Денсаўлық,
билимлендириў ҳәм спортты раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Абдужаббар
Абдувахитов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қахраман
Сарийев ҳәм тараў хызметкерлери қатнасты.
Ушырасыў даўамында Қарақалпақстанда тараўды раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, жүзеге келип атырған машқалалар ҳәм бул машқалаларды сапластырыў бойынша тараў хызметкерлериниң пикир ҳәм усыныслары тыңланды.