Аўыл-хожалық
тараўындағы жумыслардың сапалы жүргизилиўи ҳәм дийқанлардың машақатлы
мийнетлери арқасында мол қырман үйилди.
Бүгин
район фермерлери мәмлекетке тапсырылатуғын пахта шәртнамасын толығы менен
орынлады.
2021-жыл
пахта жыйым-терим мапазы ушын пуқта таярлық көрилип, бул бойынша системалы
жумыслар әмелге асырылды. Ерте бәҳәрден тәбият ынжықлықларына қарамай егислик
жер майданларына туқым сеўген дийқанлар өзиниң мол тәжирийбеси, машақатлы
мийнетиниң жемиси болған дақылларын сепситпей жыйнап алды.
Быйылғы
жыйым-терим мапазына жумыссыз ҳәм ўақтынша бәнт болмаған халықтан ибарат терим
отрядлары дүзилип, оларды мәўсимли жумысқа қабыллаўда фермер хожалығы менен
пуқаралық ҳуқықый шәртнамалар дүзилди.
Пахта
майданларында ҳадал мийнет етип, елимиз қырманына үлес қосып атырған дийқанлар
ҳәм аўыл-хожалық хызметкерлерине терең миннетдаршылық билдиремиз. Атыз
майданларында ерте бәҳәрден мийнет етип, мол қырман үйиўге бел байлаған
дийқанларымыздыӊ гүзги жыйым-терим мапазында нийети әмелге асты.
Қырманыӊыз
бәлент болсын әзийз дийқанлар!