22.12.2024, Екшемби

Қоӊырат районы орайлық көшесинде асфальт төсеў жумыслары даўам етпекте

Қоӊырат районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен Қоӊырат районының орайлық көшеси есапланған 4 Н-36 (Қарақалпақстан көшеси) бир тәреплеме ҳәрекетти тәмийнлеўши  ени 7,5 м. ҳәм 9 м. болған 2 полосалы еки автомобиль жолынан 6 полосалы ени 22 метрлик бир пүтин жолға айландырылып атырған еди (https://t.me/qaraqalpaq_avtojol/1463). 

 

Күнделикли оӊлаў жумыслары шеңберинде кеӊейтилип атырған жолдың, 10-11-км аралығында грунт жумыслары, асфальт асты тийкар (основание автомобильной дороги) исленип, таяр жағдайға келтирилди. Асфальтобетон алып келиниўи менен жаңадан қаплама төсеў жумыслары қызғын баслап жиберилди.

 

-«Кең көлемли қурылыс-оңлаў жумыслары бир қарағанда оғада аңсат көриниўи мүмкин. Бирақ, ҳәр бир жумыстың машақаты болғанындай, жол салыўдың да өзине жараса қыйыншылығы, машақаты болады. Жолшыларымыз да жолларымыздың тегис ҳәм айдын болыўында аянбай мийнет етип атыр»- дейди Қоңырат РЖПУК баслығы И.Қошқаров.

 

Қарақалпақ Автожол