Усы жылдың 26-27- октябрь күнлери Ташкент Медицина
Академиясында Өзбекстан Республикасындағы 11 медицина институтлары
ҳәм СНГ мәмлекетлериниң медицина билим журтлары студентлери
қатнасында "Тиббиёт моҳирлари" 1- Халықаралық студентлер
олимпиадасы болып өтти.
Оффлайн режимде өткен бул олимпиада студентлер Медико- биология, Терапия (ишки
кеселликлер ҳәм Неврология), Хирургия бағдарлары бойынша алған билимлерин
сынақтан өткерди.
Қарақалпақстан
Медицина институтының ишки кеселликлер пропедевтикасы кафедрасы оқытыўшысы
Азима Тилеўбергенованың басшылығында бакалавриат талабалары Зумрад
Абубакирова ( 2-курс), Элёр Рузметов (5-курс), Руслан Давлетов
(6-курс), Аман Узақов (4-курс), Айша Рейимбаева (6-курс), Муратбек
Жоллыбековлар (6-курс) қатнасып. көпшилик алдында өзлериниң билимин ҳәм
илгирлигин көрсете алды.
ҚМИ командасы
ағзасы Руслан Давлетов Неврология бағдары бойынша Ташкент Медицина
Академиясынан соң 2-орынды ийелеп жеңимпаз болды. Ал Муратбек
Жоллыбеков Хирургия бағдарында жеңисли 3-орынға ылайық деп табылды. Солай
етип "Тиббиёт моҳирлари" 1- Халықаралық студентлер
олимпиадасында Қарақалпақстан Медицина институтының студентлери сыйлы 2
ҳәм 3- орынларды ийелеп, жеңимпаз болды.
Экспертлер
ҳәм ДСС тараўының маман қәнигелеринен қуралған төрешилер тәрепинен билимлери
жоқары баҳаланған ҚМИ студентлери, институтымызда болажақ шыпакерлер теориялық
билимлер әмелият пенен қоса теңдей алып барылып, ҳәр тәреплеме терең билим алып
атырғанлығын әмелде көрсете алды. Бул әлбетте институт жәмәәти ушын үлкен
жетискенлик ҳәм қуўаныш. Биз олимпиада жеңимпазларын, бәрше
устаз-оқытыўшыларымызды жеңис пенен қутлықлаймыз ҳәм алдағы ўақытлары және
де үлкен табысларға ерисе бериўине тилеклеспиз.
ҚМИ баспасөз хызмети