Нөкис қалалық ҳәкимлиги дин ислери бөлими ҳәм Республика
Руўхыйлык ҳәм ағартыў орайы Нөкис қалалық бөлимлери тәрепинен 1-сектор
аймағында жайласқан улыўма билим бериў мектеплери арасында жаслардың
идеялогиялық иммунитетин беккемлеў, олар арасында кийиниў мәдениятын арттырыў,
миллийлигимизге болған ҳүрметти оятыў, сондай-ақ жат идеялар тәсиринен сақлаў
мақсетинде «Миллий кийим-мәнаўият тийкары» сүрени астында таңлаў
шөлкемлестирилди.
Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының
орынбасары Р.Сапарбаев, Нөкис каласы ҳәкиминиң орынбасары Ж.Абдижамилов,
Қарақалпақстан Мусылманлар қазыяты қәнигеси Т.Досымбетова, Қарақалпақстан
Республика аймақлық басқармасының Нөкис қалалық дин ислери бойынша бас қәнигеси
Х.Незаматов, Республика Руўхыйлык ҳәм ағартыў бөлими баслығы Қ.Нуратдинов ҳәм
Нокис калалық Халық билимлендириў бөлими қәнигеси Ғ.Уралбаевалар қатнасты.
Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими