30.10.2024, Сәршемби

Миллий сувенирлер фестивалы өткерилди

       Бүгинги күнде елимизде көркем-өнер ҳәм миллий мәдениятты раўажландырыўда бир қанша жумыслар алып барылмақта. Ата-бабалар миллий мийрасын кейинги әўладқа жеткерип бериў ҳәм оны кең жәмийетшиликке танытыў менен бирге  ишки ҳәм сыртқы туризмди раўажландырыў бойынша бир қанша жумысқа жумыслар әмелге асырылмақта. 


Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-февральдағы «Өзбекстан Республикасында ишки ҳәм зыярат туризмди және де, раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы  ПП-6165-санлы Пәрманына муўапық “Миллий сувенирлер” фестивалын шөлкемлестириў ҳәм өткериўди әмелге асырыў белгиленген.  


Ғәрезсизлик жылларында миллий үрип-әдетлеримизди қайта тиклеп, өнерментшиликти раўажландырыў бойынша көплеген имканиятлар жаратылды.

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейинде Миллий сувенирлер фестивалы өткерилди.


Фестивалды өткериўден мақсет миллий өнерментшиликти сақлаў,  өнермент усталар дөретиўшилигин танытыў болып есапланады.

Бундай илажларды өткериў миллийлигимизди өзинде сәўлелендирген тарийхты, эстетикалық мәдениятты, этнографиялық ҳәм басқа да, мийрасларды жас әўладқа танытыўда оғада әҳмийетли.