Қарақалпақстанда Әзербайжан
мәденияты ҳәм әдебияты күнлери болып өтпекте.
Әзербайжан
Республикасының Өзбекстандағы елшиханасы жанындағы Ҳайдар Алиев атындағы
Әзербайжан мәденияты орайының басламасы менен 20-21-октябрь күнлери Нөкис
қаласында Әзербайжан мәденияты ҳәм әдебияты күнлерин өткериў жобаластырылған
еди.
Усы мүнәсибет пенен 28 адамнан ибарат болған делегация ағзалары 20-октябрь күни Нөкис халықаралық аэропортында салтанатлы түрде күтип алынды.
Минстрлер Кеңеси Баслығы
Қахраман Сариев делегация ағзаларын қабыл етти.
Ушырасыў даўамында
мийманлар өзлерине көрсетилип атырған ҳүрметтен шексиз миннетдар екенлигин
билдирди. Соның менен бирге бундай мәденият күнлерин өткериў халықларымызды
еледе жақынластырыўға, дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет
ететуғынлығы атап өтилди.
Сондай-ақ, делегация
ағзасы, Әзербайжан Миллий Мәжлис депутаты Ганира Пашаева Қарақалпақ әдебияты ҳәм мәденияты
күнлерин Әзербайжанда шөлкемлестириў ҳәм журналистлердиң тәжирийбе алмасыўы
ушын шараят жаратыў бойынша өзиниң усынысларын билдирди. Соның менен бирге Ганира Пашаева
Қарақалпақ дәстанлары Әзербайжанда оғада белгили екенлигин, «Қырқ қыз» дәстаны
Әзербайжанда аўдарма исленгенин атап өтти.
Ушырасыў соңында
делегация ағзалары өзлериниң шексиз миннетдаршылығын билдирип, алдағы
ўақытларда да тығыз бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
ҚР Министрлер Кеңесиниң
Мәлимлеме хызмети