22.12.2024, Екшемби

Жаңалық: Қарақалпақстанға көздиң тор пердесинде қурамалы операцияларды әмелге асырыў ушын қымбат баҳалы заманагөй аппаратлар алып келинди

Бүгин Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалына ӨзР Сыртқы ислер министрлиги арқалы Өзбекстанның Уллы Британиядағы елшиханасы қәўендерлигинде көздиң тор пердесинде қурамалы операцияларды ислеў имканын беретуғын қымбат баҳалы «Витреоретиналь комплекс» медициналық аппаратлары гуманитар жәрдем сыпатында алып келинди.

 

Гуманитар жәрдемди тапсырыў илажына ӨзР Сыртқы ислер министрлигиниң инвестиция басқармасы баслығы орынбасары А.Хасанов, ӨзР Сыртқы ислер министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы М.Ғаниев, ҚР Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары А.Асқаров, Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалы директоры Я.Салиев ҳәм филиалдың медицина хызметкерлери қатнасты. Илажда сөзге шыққанлар бул заманагөй медициналық аппаратлар менен көз кеселликлерин емлеўдиң абзаллығы ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында сырт ел мәмлекетлери менен бирге ислесиўдиң әҳмийети жөнинде тоқталып өтти.

 

– Бул медициналық аппаратлар бизиң республикамызға жүдә зәрүр еди. Өйткени, көздиң тор пердесинде операцияларды ислеў мүмкиншилиги бизде болмағаны ушын, наўқасларды Ташкент қаласына жиберетуғын едик. Бул болса, наўқаслар ушын барып-келиў ғәрежетлери менен қоса жүдә қымбатқа түсер еди. Енди болса бүгин келип атырған усы медициналық аппаратлар менен ең қурамалы операциялар өзимизде исленеди. Бул заманагөй аппаратларда операцияларды әмелге асырыў ушын филиалымызда 2 қәниге таяр, олар арнайы Корея Республикасында оқытылған. Ҳәзир болса және бир қәнигемизди ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги жәрдеминде Россия мәмлекетиниң орайлық қалаларында оқытып, тәжирийбесин арттырыўды режелестирмектемиз. Соны да айтып өтиў керек, бул аппаратлар менен наўқасларды операция ислеў басқа жақларға салыстырғанда арзанырақ ҳәм балалар ушын толық бийпул болады, – дейди Республикалық қәнигелестирилген көз микрохирургиясы илимий-әмелий медицина орайының Қарақалпақстан филиалы директоры Яҳия Салиев.

 

Мағлыўмат ушын, бул заманагөй аппаратлар арқалы қурамалы операцияларды орынлаў буннан 2 жыл алдын Ташкент қаласынан басланған болып, ҳәзирги ўақытта басқа ўәлаятларда бул  операциялар жолға қойылмаған.

 

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети