22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстанда жылытыў мәўсими басланды


Республикамыз аймағында ҳаўа райыныӊ кескин суўытыўына, әсиресе түнги ўақытлары ҳаўа райының нормадан 5-7 дәрежеге пәс болыўы бақланып атырғанлығына байланыслы  авариялық жағдайлардың алдын алыў, социаллық тараў шөлкемлери имаратларында зәрүр температураны сақлаў, тутыныўшыларды ыссылық энергиясы ҳәм жетерли муғдарда тәбийғый газ бенен тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2021/2022-жыллар жылытыў мәўсиминиң басланыўы 2021-жыл 6-октябрьден баслап белгиленеди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң арнаўлы бийлиги қабыл еттилди. Бийлик пенен тийисли тараў басшыларына 2021-2022-жыллар жылытыў мәўсиминде тутыныўшыларды белгиленген тәртипте электр ҳәм ыссылық энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы, суйық ҳәм қатты жанылғы менен турақлы түрде тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленди.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети