22.12.2024, Екшемби

Самарқандта жолды тосқан пуқаралар жуўапкершиликке тартылды


2021-жыл 26-сентябрь күни Самарқанд районының 13 пуқарасы үйинде газ жоқ екенлиги себепли Самарқанд «М-37а автомобиль айланба жолы»ның қатнаў бөлимин тосып қойған.

Мәлим етилиўинше, олар жасайтуғын аймақ 2015-жылда Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында газ тармағынан үзилип, суйылтырылған газ баллонлары менен тәмийинлениўи жолға қойылған.

Наразылық билдирген пуқаралар жасайтуғын аймаққа соңғы рет мәҳәллеге 29-июль күни суйылтырылған газ баллонлары тарқатылған.

Жүз берген жағдай бойынша районлық ИИБ тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў ҳәрекетлери алып барылып, топланған ҳүжжетлер Жынаят ислери бойынша Самарқанд районы судына жиберилген.

Жынаят ислери бойынша Самарқанд районы судының қарары менен 13 шахс Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-201-статьялары (майда ҳуқықбузарлық ҳәм митиңлер, көше жүриўлери ямаса наразылықлар шөлкемлестириў тәртибин бузыў) тийкарында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған.

Жолды тосып қойған 13 пуқарадан екеўине ҳәкимшилик қамақ жазасы, 11 пуқараға жәрийма жазасы тайынланды. Бул ҳаққында ўәлаят ИИБ хабар бермекте.