2021-2022-оқыў жылы қабыллаўы ушын тастыйықланған «Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплекси» баҳалаў критериялары өзгергенлиги себепли, абитуриентлерге қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде алдынғысынан өзгеше тәризде төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етиў сызығы шегарасына шекем жетерли балл топлай алмаған абитуриентлерге еселенген төлемли контракт муғдарын әмелде белгиленген базалық төлемли контракт муғдарына салыстырғанда төмендеги тәртипте әмелге асырылыўы белгиленди:
Топлаған баллары тастыйықланған төлемли контракт бойынша қабыллаў параметрлери шегарасына:
- 1,05 баллға шекем жетпеген абитуриентлер ушын – базалық төлемли контракт муғдарының 1,5 есеси;
- 1,06 баллдан 2,05 баллға шекем жетпегенлер ушын – базалық төлемли контракт муғдарының 2,0 есеси;
- 2,06 баллдан 3,05 баллға шекем жетпегенлер ушын – базалық төлемли контракт муғдарының 2,5 есеси;
- 3,06 баллдан 4,05 баллға шекем жетпегенлер ушын – базалық төлемли контракт муғдарының 3,0 есеси.
Бунда усы категориядағы абитуриентлер ушын төлемли контракттың минимал муғдарларын есаплаўда 2021-2022-оқыў жылында тастыйықланған бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша бир студентти төлемли контракт тийкарында стипендиясыз базалық төлемли контракт бойынша оқытыў баҳасы қолланылады және коронавирус инфекциясына қарсы шаншылған (вакцина алған) абитуриентлерге белгиленген еселенген төлемли контракттың минимал муғдарына бир мәртелик 10 процентлик шегирме бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.