Усы жылдың 23-сентябрь күни Орайлық
сайлаў комиссиясының гезектеги жыйналысы болып өтти. Онда
видеоконференцбайланыс тәризинде 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы
ағзалары да қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан
Республикасы Президенти сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасын ҳәм
текстин тастыйықлаў, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында халықаралық
шөлкемлер ҳәм сырт еллерден қатнасатуғын бақлаўшыларды аккредитациядан өткериў,
ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў мәселелери
додаланды.
Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексинде
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы
ҳәм тексти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланыўы белгиленген.
Усыған муўапық, Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен болып өтетуғын сайлаўлардың
бюллетени тастыйықланды.
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 5-октябрдьдеги қарары менен «Сайлаў мапазы дәўиринде ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққында»ғы устав тастыйықланған. Сайлаў кодексине муўапық, аккредитациядан өткен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге тийисли барлық илажларды сәўлелендириў, сайлаў күни даўыс бериў биналарында болыў, соның менен бирге, оларды санап шығыў процесинде де қатнасыў ҳуқықына ийе.
Мәжилисте аймақлардан қатнасып атырған
айырым округлик сайлаў комиссиялары баслықларының Өзбекстан Республикасы
Президенти сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша мәлимлемелери
тыңланды.
Сол күни ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы өткерилди.
Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан
Республикасындағы «Елликқала» телеканалы ҳәм басқа бир қанша ғалаба хабар
қуралларының ўәкиллерин аккредитациядан өткериў мәселеси де додаланғанлығы ҳәм
тийисли тәртипте аккредитациядан өткерилгенлиги мәлим етилди. Солай етип,
ҳәзирги ўақытқа шекем Қарақалпақстан Республикасында усы жылдың 24-октябрь
сәнесинде болып өтетуғын сиясий процесс ҳәм оған таярлық жумысларын
сәўлелендириўде қатнасатуғын 40 қа жақын ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери
аккредитациядан өткерилди.
1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясының
Баспасөз орайы