22.12.2024, Екшемби

«Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплескен илажларды қаржыландырыўды буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Пуқараларды бюджет процесине тартыў механизминиң иске қосылыўы орынларда халықты қыйнап киятырған машқалалардың шешимин табыў ҳәм жәмийетшиликти бюджет процесиниң қатнасыўшысына айландырыўда айрықша қурал болып хызмет етпекте.

2021-жылы өткерилген инициативалы бюджетлестириў процесинде пуқаралардан келип түскен мүрәжатларда билдирилген орынлы ҳәм әҳмийетли машқалаларды қысқа мүддетлерде сапластырыў, мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириў ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў жойбарларын ислеп шығыў процесине халықты жедел тартыў мақсетинде:

  1. Қаржы министрлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен 1-қосымшаға муўапық 2021-жыл 1-октябрьге шекем:

Пуқаралардың басламасы қорында (кейинги орынларда – Қор) 1 миллиард сумнан аз қаржы қәлиплескен районлар ҳәм қалалар ушын қосымша 57,9 миллиард сум;

«Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы келип түскен усыныслар саны 100 ден артық болған районлар ҳәм қалаларға  қосымша 59,5 миллиард сум қаржы ажыратыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2022-жыл 1-январьдан баслап районлар ҳәм қалалардың бюджетлери параметрлеринде аймақлық ишки жолларды оңлаў ушын ажыратылатуғын қаржылардың 50 проценти «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында анықланған ишки жолларды оңлаўға қаратылады.

Қаржы министрлиги еки ай мүддетте аймақлық ишки жолларды оңлаў ушын ажыратылатуғын қаржылардың 50 процентин «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшиликтиң пикири тийкарында анықланған ишки жолларды оңлаўға қаратыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

  1. Район ҳәм қала ҳәкимлери Қорға қаржылардың өз ўақтында өткерилиўи және Қор қаржыларынан мақсетли пайдаланылыўы бойынша жеке жуўапкер болып есапланатуғыны;

районлар ҳәм қалалардың ҳәкимликлери тәрепинен ҳәр шеректен кейинги айдың 25-сәнесине шекем жәмийетшиликтиң пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў бойынша мағлыўматлар  өзлериниң рәсмий веб-сайтлары ҳәм «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына жайластырып барылатуғыны;

усы бәнттиң үшинши абзацында нәзерде тутылған қағыйданы бузыў бюджет процесиниң ашық-айдынлығы  тәртибин бузыў деп баҳаланатуғыны белгиленсин.

  1. Қаржы министрлиги:

үш ай мүддетте «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы және районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң рәсмий веб-сайтларда инициативалы бюджетлестириўдиң нәтийжелери бойынша мағлыўматларды жайластырып барыў тәртиби ҳәм түрлерин тастыйықласын;

халықаралық шөлкемлерди тартқан ҳалда инициативалы бюджетлестириў процесинде аймақлар тәрепинен жол қойылған кемшиликлерди таллаў тийкарында бул процессти жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизип барсын;

пуқаралардың инициативалы бюджетлестириў процесине тартылыўы дәрежеси бойынша аймақлар рейтингин енгизсин және оны «Ашық бюджет» мәлимлеме порталына жайластырып барсын;

инициативалы бюджетлестириў процесин басқарыўда қаржы уйымларының ўазыйпаларын анық белгилеген ҳалда бул процессти муўапықластырып барсын.

  1. Инициативалы бюджетлестириў процесин буннан былай да жетилистириў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Жаслар ислери агентлиги ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте:

инициативалы бюджетлестириў процесин әмелге асырыў механизмин ҳәм оның мәнисин халықтың арасында системалы түрде кеңнен жарытып барылыўын тәмийинлесин;

ҳәр бир мәҳәлле ҳәм аўылда «Ашық бюджет» мәлимлеме порталында усыныс қалдырыў ҳәм даўыс бериў процесине жәрдемлесетуғын «мобиль» топарлар және «интакерлер мүйеши»н шөлкемлестирсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 22-сентябрь