Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Бала тәрбиялап атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў системасының нәтийжелилигин арттырыў, социаллық қорғаў ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардың материаллық тәмийнатын күшейтиў, мүтәж шаңарақларды анықлаўда улыўма тән алынған халықаралық стандартларды ҳәм автоматласқан ашық-айдын электрон баҳалаў механизмлерин енгизиў арқалы напақаларды төлеў системасын балалардың имканиятын раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға қаратыў мақсетинде:
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-сентябрьден баслап:
а) 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа және бала 2 жасқа толғанына шекем оны тәрбиялаў напақасы орнына кем тәмийинленген шаңарақларға балалар напақасы (кейинги орынларда-балалар напақасы) енгизиледи. Онда, балалардың напақасын тайынлаўда:
инабатқа алынатуғын балалардың жасы 14 жастан 18 жасқа шекем арттырылады;
төлеў мүддети 6 айдан 12 айға шекем созылады;
оның муғдарын шаңарақтағы балалар санынан келип шығып белгилеў тәртиби қолланылады;
б) жеке-жалғыз болған пуқараларға, перзенти болмаған ямаса барлық перзентлери 18 жастан үлкен болған кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем тайынланады.
- 2021-жыл 1-сентябрьден баслап балалар напақасы ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем төлемлериниң төмендеги муғдарлары белгиленсин:
а) балалар напақасының ҳәр айлық муғдары:
255 000 сум – 3 жастан 18 жасқа шекемги бир перзенти ушын, 325 000 сум – жасы 3 жасқа шекемги бир кишкене перзенти ушын;
150 000 сум – шаңарақтың екинши перзенти ушын қосымша;
100 000 сумнан – шаңарақтын үшинши ҳәм оннан кейинги ҳәр бир перзенти ушын;
б) кем тәмийинленген шаңарақлар ушын материаллық жәрдемниң айлық муғдары- 380 000 сум.
Онда, 2021-жыл 1-сентябрьге шекем тайынланған 14 жасқа шекемги балалары болған шаңарақларға напақа, бала 2 жасқа толғанына шекем оны тәрбиялаў напақасы және кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдемди төлеў мүддетлери тамамланғанына шекем, усы түрдеги напақалар ҳәм материаллық жәрдемниң әмелдеги муғдарлары және оларды төлеў мүддетлери сақлап қалынады.
- Қаржы мнистрлиги 2021-жылдың ақырына шекем балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдем алыўшы кем тәмийинленген шаңарақлар санының орташа 20 процентке артыўын есапқа алған ҳалда 2021-жылы бул илажларды қаржыландырыўға бюджеттен қосымша қаржы ажыратсын және Мәмлекетлик бюджеттиң 2022-жылдағы параметрлерин қәлиплестириўде усы пәрманның әмелге асырылыўына байланыслы қәрежетлерди нәзерде тутсын.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-октябрьден баслап, «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген деп тән алынған шаңарақлар ҳәм шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар мәпдар министрликлер ҳәм уйымларға «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы бериледи.
Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Мәлимлеме технологиялары ҳәм қоммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.Садиков) менен биргеликте «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы мағлыўматлар базасындағы кем тәмийинленген деп тән алынған шаңарақлар ҳәм шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар министрликлер ҳәм уйымларға «Электрон ҳүкимет» системасы уйымлараралық интеграцияласыў платформасы арқалы берилиўи және мәлимлеме алмасыўының нәтийжели ислеўин тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (И.Норқулов), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Р.Маматов), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Хусанов) менен биргеликте 2021-жыл 20-августқа шекем төмендегилерди нәзерде тутатуғын Ҳүкимет қарарының жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин:
кем тәмийинленген балалы шаңарақларға напақаны және кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдемди тайынлаў ҳәм төлеў тәртиби;
минимал тутыныў қәрежетлериниң баҳасын есаплаў тәртиби.
- Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги усы Пәрманның мақсети, ўазыйпалары ҳәм буннан күтилип атырған нәтийжелерди ғалаба хабар қураллары, Интернет ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлерине 1-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- 8. Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым ҳүжжетлери 2-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
9.Қаржы министрлиги бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- 1 Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов және экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң биринши орынбасары И.И.Норқулов белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, жуўапкер орынлаўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2021-жыл 1-ноябрь ҳәм 2022-жыл 1-апрельге шекем мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 11-август