Халықтың мүрәжатлары менен ислесиў системасын
пүткиллей жаңа усылда шөлкемлестириў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси болып
қалмақта.
Сонлықтан бүгин Министрлер Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президенти Кеңесгөйиниң биринши орынбасары Бахтиёр Жахонгирович Исламов, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясынан жуўапкер қәнигелер Фарҳод Аманович Азизов ҳәм Сарвар Носиржонович Мамадиевлердиң қатнасында Семинар-тренинг болып өтти.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы сектор басшылары, Министрлер Кеңеси Баслығының барлық орынбасарлары, Қарақалпақстан судлары баслықлары, халықтың мүрәжатлары менен ислеў бойынша оператив штаб ағзалары, министрликлер менен мәкеме шөлкемлердиң басшылары қатнасты.
Бүгинги күнде Министрлер Кеңеси Баслығының барлық
орынбасарлары, министрликлер аймақларда халықтың мүрәжатларын шешим таптырыў бойынша
системалы жумыс алып бармақта.
Шөлкемлестирилген семинардан тийкарғы мақсет, халықтан келип түсип атырған мүрәжатларды нызамшылықта белгиленген тәртипте унамлы шешим таптырыў механизмин жетилистириўден ибарат.