22.12.2024, Екшемби

Төрткүл районында халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолы асфальтланбақта


Халықаралық әҳмийетке ийе А-380 (Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў) автомобиль жолының 552-604-км. аралығыныӊ эксплуатация жумыслары, күнделикли оӊлаў, сақлаў жумыслары Төрткүль районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен алып барылмақта. Усы жолдыӊ 589,9-590,7-км.лери бүгинги күнде оӊлаўға мүтәж жағдайға келип қалған болып, кәрхана тәрепинен усы жылдыӊ март айынан баслап, оӊлаў жумыслары баслап жиберилген еди. 2021-жыл ушын күнделикли оӊлаў жумысларына ажыратылған қаржы есабынан оӊлаў ҳәм асфальт төсеў жумыслары алып барылды. Тилекке қарсы битум материалы жеткерип берилиўи ўақтынша үзилиске түсип, оӊлаў жумыслары жолдыӊ тийисли қатнаў бөлиминде автомобиль жолын тегислеў ҳәм щебень төсеў жумыслары менен тоқтап турған еди.

Ҳәзирги ўақытта жолдыӊ қалған бөлегине асфальт төсеў жумыслары қызғын түрде алып барылып атыр ҳәм күнделикли оӊлаў жумыслары кеӊ көлемли жүргизилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы мәлимлеме хызмети