2021-жыл 29-июль күни Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жаӊа имаратында 2021-жыл I ярым жыллығы даўамында әмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийжелер, тийкарғы көрсеткишлер ҳәм белгиленген режелер бойынша баспасөз конференциясы болып өтти.
Баспасөз конференциясын Мәмлекетлик хызметлер
агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы ашты ҳәм елимизде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў сапасын жақсылаў,
пуқаралардың артықша әўерегершиликлериниң алдын алыў ҳәм
бюрократиялық жағдайларға жол қоймаў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқталып
өтти.
Қарақалпақстан Республикасында
Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен халқымызға ҳәм исбилерменлик
субъектлерине 2 млн. 600 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер
көрсетилди (бул көрсеткиш 2018-жылда
365 866, 2019-жылда 890 316, 2020-жылда 820 464 ти қурайды).
2021-жылдың I
ярым жыллығы даўамында 576 мыңнан
аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, бул көрсеткиш өткен жылдың усы
дәўири менен салыстырғанда 66 пайызға
өскенлигин көрсетеди (өткен жылдың усы
дәўиринде 381 704).
Сондай-ақ, 7302 исбилерменлик субъектлери мәмлекетлик дизимнен өткерилди. (өткен жылдың усы дәўиринде 6498).
Соны да айтып өтиў тийис, халыққа жәнеде
қолайлык жаратыў мақсетинде алыс жерлерге шығыў арқалы “Мобиль мәмлекетлик хызметлер” жолға қойылды,
2021-жыл 6 айы даўамында Республика бойынша жәми 39 мыңнан аслам көшпели хызметлер көрсетилди.
Соныӊ менен бирге Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 31-январь күнги ПФ-5930-санлы пәрманы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың сентябрь айында Төрткүл районында “Жанбасқала” АПЖ, Елликқала районы “Сарабий” АПЖ, Беруний районы “Абай” АПЖ ҳәм Мойнақ районы “Қазақдәрья” АПЖ аймақларында, 2021-жыл апрель айында Шоманай районы “Қарабайлы” МПЖ аймағында Мәмлекетлик хызметлер орайларының филиаллары шөлкемлестирилди.
Қоңырат
районында “Жаслық” ППЖ ҳәм “Қарақалпақстан” ППЖ
шақапшалары Мәмлекетлик хызметлер орайларының филиаллары тәрепинен де
халқымызға хызметлер көрсетилмекте.
Филиаллар тәрепинен бүгинги күнге шекем 18 000 нан аслам мәмлекетлик
хызметлер көрсетилди.
Бүгинги күнге шекем 9 район аймағында (Әмиўдәрья, Беруний,
Мойнақ, Шымбай, Қанлыкөл, Қоңырат, Тахтакөпир, Бозатаў, Шоманай) мәмлекетлик
хызметлер орайларының жаңа заманагөй имаратлары қурылып пайдаланыўға тапсырылған. Төрткүл, Тақыятас ҳәм Қараөзек районлары
имаратлары қурылыс жумыслары басланып, усы жылдыӊ ақырына шекем пайдаланыўға
тапсырылыўы режелестирилген.
Агентликтиӊ
басқармасы тәрепинен мәмлекетлик
хызметлер көрсетиўши мәмлекетлик органлар тәрепинен бир қанша нызамбузыўшылық
жағдайлары анықланған.
Атап айтқанда, 2021 жыл 6 айы даўамында 1 326 нызамбузыўшылық жағдайлары анықланды. Бул нызамбузыўшылық жағдайлары бойынша мәмлекетлик хызмет көрсетиўши ўәкилликли органларға 9 усыныс, 100 ескертиўлер кигизилип, ўәкилликли органлардыӊ 69 лаўазымлы ҳәм жуўапкер хызметкерлери ҳәкимшилик жуўапкершиликке, 8 шахс интизамий жуўапкершиликке тартылған.
2021 - жыл 6 айы даўамында ПҲАЖ органлары тәрепинен жәми 16813 туўылғанлық ҳаққында акт
жазыўлары дизимге алынған, аталықты белгилеў 1816, перзентликке алыў 283
акт жазыўылары дизимге алынған. Соныӊ менен бирге 7843 неке ҳәм 701
некеден ажырасыў жағдайлары, 4211
өлим ҳаққындағы акт жазыўлары дизимге алынды.
Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў тараўында
хызметкерлер менен профилактикалық илажлардың
алып барылыўына айырықша итибар қаратылды.
Атап айтқанда, 41 «сырлы клиент» ҳәм рейд илажлары өткерилди. Илажлар
даўамында мийнет ҳәм орынлаў интизамы ҳәмде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў
тәртибин бузғанлығы ушын орай хызметкерлерине 4 “сөгис”, 1 “жәрийма” интизамий жаза шаралары қолланылды.
Буннан тысқары,
тараўда ислеп атырған хызметкерлердиң мийнет ҳәм орынлаў интизамын беккемлеў
мақсетинде 178 ден аслам
профилактикалық сәўбетлер өткерилди.
Конференцияда тараўда
енгизилип атырған жаңалықларға тоқталып өтилди. Атап айтқанда, мәмлекетлик
хызметлер көрсетиўде “Агентлер” искерлиги, оларға қойылған талаплар, бир неше
түрдеги мәмлекетлик хызметлерди көрестиў имканиятлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан
Республикасы
басқармасы