22.12.2024, Екшемби

Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаў системасын енгизиў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Кейинги бес жылда республикамызда министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң жумыс нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў, олардың ўазыйпалары, ўәкилликлери ҳәм жуўапкерлик тараўларын анық белгилеў бойынша кең көлемли комплексли илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бир қатарда, тармақлар ҳәм аймақларда жумыслардың ҳақыйқый жағдайын терең және ҳәр тәреплеме сын көзқарастан үйрениў министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларының орынбасарларына жүкленген функционал ўазыйпаларды зәрүр дәрежеде және жуўапкершилик пенен орынлаў бойынша жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы бир қатар үлкен кемшиликлер ҳәм системалы машқалалар бар екенлигин көрсетеди.

Елимиз раўажланыўының заманагөй басқышында жаңа Өзбекстанды қурыў ушын әмелге асырылып атырған жедел ҳәм кең көлемли реформалар процесинде елимиз алдында турған тийкарғы, стратегиялық ҳәм әҳмийетли ўазыйпаларды оператив шешиўде министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жеке жуўапкершилигин арттырыў, ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлерин анық белгилеў,  сондай-ақ, олардың жумыс нәтийжелилиги және мақсетли ўазыйпаларға ерисилиўиниң тийкарғы өлшемлери арқалы баҳалаўдың жаңа системасын енгизиў мақсетинде:

  1. Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының итибары оларға Өзбекстан Республикасының нызамлары, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң ҳүжжетлери менен және өзлериниң биринши басшылары тәрепинен жүкленген ўазыйпаларды орынлаўда қалақлыққа, өзи боладылыққа жол қойып болмаўына қаратылсын.
  2. Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымлары (кейинги орынларда – мәмлекетлик басқарыў уйымлары) ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларының орынбасарлары өзине бириктирилген тармақ ҳәм тараўлардағы жумысының нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасының Президенти алдында жеке жуўапкер болып есапланатуғыны және Министрлер Кабинети алдында есап беретуғыны белгиленсин.
  3. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумысын баҳалаў системасы енгизилсин:

мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған хожалық бирлеспелери (кейинги орынларда – хожалық бирлеспелери) басшылары орынбасарларының  жумыс нәтийжелилигин және мақсетли ўазыйпаларға ерисиўин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлери Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланады;

ҳәр жылы орынлаў тәртибиниң жағдайы бойынша баҳа бериўди нәзерде тутқан ҳалда мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумыс көрсеткишлери мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң коллегиал уйымлары тәрепинен ислеп шығылады ҳәм тастыйықланады;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумыс нәтийжелилигин ҳәм мақсетли ўазыйпаларға ерисиўин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлери ҳәм көрсеткишлери статистикалық және уйымлық есабатлар сондай-ақ, аналитикалық мағлыўматлар тийкарында  системалы мониторинг етиледи;

мониторинг нәтийжелери тийкарында басшылар орынбасарларының жумысы сын көзқарастан таллаў тийкарында тийисли мәмлекетлик басқарыў уйымлары коллегиал уйымлық ҳәм хожалық бирлеспелериниң бақлаў кеңеслеринде және Министрлер Кабинетинде ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша додалап барылады;

баҳалаў өлшемлери ҳәм көрсеткишлери тийкарында ҳәр бир басшы орынбасарының жумысына баҳа бериў арқалы оларға хошаметлеў ямаса интизамий жуўапкершиликке тартыў илажлары көриледи.

Министрлер Кабинети:

 бир ҳәпте мүддетте мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумыс нәтийжелилигин және мақсетли ўазыйпаларға ерисиўин баҳалаўдың тийкарғы өлшемлерин тастыйықласын;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарлары тәрепинен  жумыс көрсеткишлериниң орынланыўы бойынша ҳәр айда ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, теле ҳәм радио каналлары арқалы мәлимлеме берилиўин тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумысын баҳалаў системасы шеңберинде:

мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумыс көрсеткишлери  ҳәр жылдың жуўмағы бойынша кейинги жылдың 10-январына шекем белгиленген тәртипте тастыйықланған баҳалаўдың тийкарғы өлшемлерине муўапық мәмлекетлик басқарыў уйымлары және хожалық бирлеспелериниң коллегиал уйымлары тәрепинен ислеп шығылатуғыны және Өзбекстан Республикасы Бас министриниң тийисли орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери менен келискен ҳалда тастыйықланатуғыны;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумысы ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша коллегиал уйым мәжилисинде сын көзқарастан додаланатуғыны ҳәм баҳаланатуғыны. Онда, басшы орынбасарлары тәрепинен жумыс көрсеткишлериниң орынланыўы 70 проценттен аз тәмийинленгенде –  «қанаатландырарсыз», 71 проценттен 90 процентке шекем – «қанаатландырарлы»,  91 проценттен 99 процентке шекем – «жақсы» және 100 процент ҳәм оннан жоқары болғанда «айрықша» деп баҳаланатуғыны;

 ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша кейинги айдың 5-сәнесине шекем мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң коллегиал уйымлары тәрепинен басшының тийисли орынбасарларының жуўапкершилиги бойынша усыныслар таярланатуғыны және аналитикалық материаллар менен бирге Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлерине киргизилетуғыны;

ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша кейинги айдың 10-сәнесине шекем Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери берилген аналитикалық материалларды тийисли басшылар ҳәм олардың орынбасарлары қатнасыўында сын көзқарастан додалап, ҳәр бир басшы орынбасарының жумысына жеке баҳа берген ҳалда оларды хошаметлеў илажларын ямаса өзине бириктирилген тараў ҳәм тармақларда тийкарғы көрсеткишлерге ерисиўде жуўапкершиликсизликке жол қойғаны ушын лаўазымға ылайықлығы мәселесин көрип шығатуғыны және бул ҳаққында анық усыныслар менен бирге Өзбекстан Республикасы Бас министрине есабат беретуғыны;

ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша кейинги айдың 15-сәнесине шекем мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумысын баҳалаў нәтийжелери бойынша жуўмақлаўшы аналитикалық материаллар, соның ишинде, оларды хошаметлеў ямаса интизамий илажлар қолланыў бойынша анық усыныслар улыўмаластырылып, көрип шығыў ушын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына жиберилетуғыны. Онда зәрүрликке бола, өз жумысында системалы кемшиликлерге жол қойып киятырған басшы орынбасарларының лаўазымын қысқартқан ҳалда оларға жүкленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша департамент жумысын шөлкемлестириў бойынша усыныслар киргизилиўи мүмкин екенлиги белгиленсин.

  1. Басшылар орынбасарларының жумыс көрсеткишлериниң орынланыўы үстинен мониторингти әмелге асырыўда тийкарғы итибар төмендеги системалы ҳәм тийкарғы мәселелерге қаратылсын:

а) экономика тармақлары ҳәм тараўларында:

макроэкономикалық турақлылықты, турақлы ҳәм тең салмақлы экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, экономика тармақларын комплексли раўажландырыў ҳәм диверсификациялаў, сондай-ақ, «жасырын» экономикаға қарсы гүресиў және оның үлесин кескин қысқартыў;

жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мийнет базары инфраструктурасын раўажландырыў, халықтың дәрамат табыўға қаратылған исбилерменлик умтылысларын қаржылай қоллап-қуўатлаў, халық ҳәм бизнес ушын зәрүр шараятлар жаратыў;

исбилерменлик орталығын ҳәм бизнес жаратыў шараятларын буннан былай да жақсылыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў, оларды зәрүр финанслық ҳәм инфраструктуралық ресурслар менен тәмийинлеў және «Ҳәр бир шаңарақ-исбилермен» бағдарламасын избе-из әмелге асырыў;

инвестиция орталығын жақсылаў, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў, ажыратылған капитал қойылмаларын нәтийжели өзлестириў және экономикалық өсиўди тәмийинлеўде хызметлер тараўын әҳмийетли драйверге айландырыў;

санаатта экспортқа жарамлы ҳәм бәсекилес өнимлер ислеп шығарыўдың өсиўи, импортты қысқартыў және өндиристи локализациялаў арқалы өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў;

аўыл хожалығын диверсификациялаў, соның ишинде, кластерлердиң жумысын шөлкемлестириў,  аўыл хожалығына заманагөй, инновациялық агротехнологияларды жедел киргизиў;

инновациялық қолланбалар ҳәм санлы технологияларды енгизиў арқалы мийнет өнимдарлығын арттырыў;

б) социаллық тараўда:

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаны аймақларда толық енгизиў;

Билимлендириў системасын раўажландырыў,  оның сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялық хошаметлеў;

Мәмлекетлик – жеке меншик шериклик усылындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириў жумысларын жеделлестириў және усы тараўға  жеке меншик секторды кеңнен тартыў арқалы мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыўды арттырыў;

денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў,  медициналық хызметлердиң сапасын жақсылаў, район (қала)лық көп тармақлы орайлық поликлиникалары тәрепинен халыққа буннан былай да сапалы медициналық хызметлер көрсетиўдиң қамтып алыўын кеңейтиў;

пенсионерлерди социаллық қоллап-қуўатлаўды буннан былай да кеңейтиў, қариялар ҳәм кексе жастағыларға ҳәр тәреплеме ғамхорлық етиў, пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты системасын жетилистириў;

денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыў ҳәм  спорт инфраструктурасын жетилистириў;

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳәр бир пуқара менен индивидуал ҳәм системалы түрде турақлы жумыс алып барыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың, әсиресе, материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлар, майыплығы болған, кем тәмийинленген ҳаял-қызлар ҳәм жасларды социаллық қорғаўды күшейтиў, олардың реал дәраматларын арттырыў;

жасларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў,  олардың бәнтлигине жәрдемлесиў, исбилерменлик идеялары менен басламаларын хошаметлеў, олардың ылайықлы дәрамат алыўы ушын қосымша шараятлар жаратыў;

туризмди жедел раўажландырыў, келип атырған сырт ел ҳәм жергиликли туристлер ағымын көбейтиў, жаңа туризм өнимлерин жаратыў, туризм инфраструктурасы ҳәм транспорт логистикасын кеңейтиў;

 социаллық- руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў,  халық арасында руўхый-ағартыўшылық  ҳәм мәдений илажларды шөлкемлестириў;

в) капитал қурылыс, коммуникациялар ҳәм коммунал хожалық тараўларында:

халықтың турмыс шараятларын жақсылаў ҳәм оларды мүнәсип турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыў;

капитал қурылыс ҳәм қурылыс индустриясы тараўын жедел раўажландырыў, социаллық тараў, турақ жай ҳәм инфраструктура объектлериниң сапалы қурылысын тәмийинлеў;

«Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўда артта қалып атырған аўыллық районларды ҳәм қалаларды комплексли ҳәм жедел раўажландырыў;

халықтың сапалы коммунал хызметлер менен қамтып алыныўын түп-тийкарынан жақсылаў, көп квартиралы турақ жай фондынан пайдаланыў системасын жетилистириў;

халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, ақаба суў, ишки хожалық жоллары ҳәм басқа да коммуникация тармақларын қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў;

г) жумысты режелестириў ҳәм «темир тәртип»ке тийкарланған қатаң атқарыў тәртибин тәмийинлеў тараўында:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-февральдағы «Нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6166-санлы пәрманына тийкарланып нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў, «темир тәртип»ке тийкарланған атқарыў тәртибин бекемлеў бойынша бирден-бир ҳәм үзликсиз «технологиялық шынжыр»дың жаңаша тәсиршең системасын енгизиў;

аймақларда «мәҳәлле кесиминде» ислесиў системасын енгизиў арқалы жергиликли басқарыў уйымларын халыққа және де жақынластырыў, халық ҳәм исбилерменлердиң машқалаларын анықлаў және оларды нәтийжели шешиў;

мәмлекетлик уйымларда жумысына санлы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы олардың жумыс нәтийжелилигин тәмийинлеў;

мәмлекетлик ҳәм аймақлық раўажландырыў бағдарламаларын, жоқары дәрежедеги сапар етиўлердиң жуўмақлары бойынша «жол карталары», аймақларда экномикалық, социаллық ҳәм ҳәкимшилик реформаларды өз ўақтында ҳәм толық көлемде әмелге асырыў;

халық пенен өз-ара бирге ислесиў ҳәм тиккелей пикирлесиўди шөлкемлестириў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын өз ўақтында және сапалы көрип шығыўды тәмийинлеў;

хызмет сапарлары, соның ишинде, сырт мәмлекетлерге сапарлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў.

  1. Министрликлер, мәмлекетлик комитетлер, мәмлекетлик басқарыўдың басқа да уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумыс көрсеткишлерин ислеп шығыў, мониторинг етиў ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў тәртиби ҳаққындағы реже қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери өз ўәкиллигине киргизилген тийисли бағдарлар ҳәм мәселелер бойынша мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери тәрепинен стратегиялық ҳәм тийкарғы ўазыйпалар, тастыйықланған «жол карталары» және орта ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген бағдарламалардың нәтийжели әмелге асырылыўында олардың жумысын муўапықластырыў және өз-ара нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў ушын тәсиршең илажлар көретуғынлығы;

мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары тәрепинен олардың орынбасарларының жумыс көрсеткишлерин баҳалаўдың тийкарғы нормаларынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери менен келискен ҳалда олардың айлық жеке жумыс режелери тастыйықлап берилетуғынлығы  белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге басшы орынбасарының жумысын баҳалаўдың тийкарғы нормалары ҳәм көрсеткишлерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў және олардың жумысына баҳа берип барыў системасын енгизиў усыныс етилсин.
  2. Мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери бир ай мүддетте белгиленген тәртипте тастыйықланған баҳалаўдың тийкарғы нормаларынан келип шығып, 2021-жылдың II ярым жыллығы ушын мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумыс көрсеткишлерин тастыйықласын.
  3. Усы қарар менен енгизилип атырған мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумысын нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаў системасы 2021-жылдың ақырына шекем эксперимент тәризинде әмелге асырылсын.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги 2022-жыл 15-январьға шекем мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары орынбасарларының жумысын баҳалаў процесслерин пуқта таллаған ҳалда усы қарар менен енгизилген системаны және де жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине тийкарланған усынысларды киргизсин.

  1. Министрлер Кабинети өткерилген эксперимент жуўмақларына бола 2022-жылдың 1-февралына шекем мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының жумысын нәтийжелилик көрсеткишлери тийкарында баҳалаўды шөлкемлестириўде жүзеге келген машқалалар ҳәм бар кемшиликлерди сапластырыў, сондай-ақ, усы системаның нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде оны жетилистириў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Президенти Админстациясына киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги:

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен биргеликте ҳәр жылы турақлы түрде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары орынбасарларының маманлығын арттырыў бойынша қысқа мүддетли курсларды шөлкемлестирсин;

Сыртқы ислер министрлиги, «Эл-юрт умиди» қоры менен биргеликте мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларының  орынбасарларын  сырт мәмлекетлерге өз бағдары бойынша қысқа мүддетли оқыў ҳәм тәжирийбе арттырыўға жибериў бойынша комплексли илажлар көрсин.

  1. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги еки ай мүддетте министрликлер ҳәм уйымлар басшылары жумысының көрсеткишлерин баҳалаўда инсан факторын азайтыў мақсетинде тийкарғы көрсеткишлер бойынша өнимлерди автомат тәризде таллаў арқалы жағдайды анықлаў имканиятын беретуғын арнаўлы электрон платформаны иске қоссын.
  2. Министрлер Кабинети еки ай мүддетте усы қарардан келип шыққан ҳалда мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм хожалық бирлеспелери басшыларының ҳәр бир орынбасарының ўәкиллигин қайта көрип шығып, олардың функционаллық ўазыйпаларына ўәкиллик ҳәм жуўапкершилик шегарасын анық белгилеў бойынша қарар жойбарын ислеп шықсын.
  3. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге және басшы орынбасарларының жумыс нәтийжелилигин баҳалаў системасының енгизилиўине жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2021-жыл 1-октябрь ҳәм 2022-жыл 15-январьға шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 22-июль