22.12.2024, Екшемби

НӨКИС АРНАЎЛЫ МЕДИЦИНА КОМПЛЕКСИНДЕ КОРОНАВИРУСТАН ЕМЛЕНИП АТЫРҒАН ҲӘМИЛЕДАР ҲАЯЛ ПЕРЗЕНТЛИ БОЛДЫ!

Нөкис арнаўлы медицина комплексинде пуқараларға сондай шараятлар жаратылған, онда барлық түрдеги медициналық жәрдемлерди көрсетиў имканиятына ийе.

Буның айқын мысалы ретинде, бүгин таңғы саат 04:00 те қуўанышлы ўақыя жүз берди. Нөкис арнаўлы медицина комплексинде емленип атырған ҳәмиледар ҳаял аман-есен өз перзентин дүньяға келтирди. Шыпакерлер ана ҳәм баланың денсаўлығы жақсы екенлигин айтпақта, жаңа туўылған нәрестениң бойы 51 см, салмағы 3,5 кг.ды қурайды. Ҳәзир олар тәжирийбели шыпакерлер қадағалаўы астында.

 

Әлбетте, ҳәрбир ҳәмиледар ҳаял коронавирус инфекциясы оны да шетлеп өтпегенин билгеннен кейин, биринши гезекте, өзи емес, ал туўылажақ перзенти ҳаққында қайғырады. Билимли ҳәм пидайы медицина хызметкерлериниң мийнети нәтийжесинде, бүгинлиги аман-есен өз перзентин баўырына басқан бул ана өзин ең бахытлы инсан деп есаплап атырған болса керек.

 

ҚР ДСМ Мәлимлеме хызмети