Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 7-июль күни жүзим жетистириў, оны санаат усылында қайта ислеўди раўажландырыў ҳәм аймақларда энотуризмди жолға қойыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимиз басшысы елимизде әзелден жүзимгершилик дәстүри болғанын, оны раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар бар екенлигин атап өтти.
– Жүзим жетистириў – бул халқымыздың әсирлер даўамындағы миллий дийқаншылық мәденияты, қәдирияты, мақтанышы ҳәм дәрамат дәреги есапланады. Жүзим халқымыздың турмыс тәризи ҳәм үрп-әдетлери менен тиккелей байланысып кеткен. Ҳәр бир көшеде, шаңарақта жүзим болған. Хусайни, тойфи, ризамат ота, келинбармақ ҳәм кишмиш сыяқлы жүзимлердиң сорты узақ-узақларға шекем танылған, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Бүгинги күнде елимизде фермер хожалықлары тәрепинен 90 мың гектар майданда жүзим жетилистирилмекте. Бул тармақта 900 мың халық турақлы ҳәм мәўсимлик жумыс пенен бәнт.
Кейинги төрт жылда 52 мың гектар жаңа жүзим бағлары жаратылып, тараўға 210 миллиард сум субсидиялар ажыратылды. Усы дәўир даўамында мийўе-овощлардың экспортында жүзимниң үлеси 2 есеге көбейди.
Бирақ бүгинги базар талабын таллайтуғын болсақ, бул тараўда буннан да үлкен имканиятлар бар. Атап айтқанда, жәҳән базарында жүзим саўдасы мийўелер ишинде үшинши орында болып, ҳәр жылы оған болған талап орташа 350 миллион долларға өспекте.
Бундай жүзим бойынша Өзбекстанның экспорт потенциалын кейинги төрт жылда кеминде 600 миллион долларға, кишмиш бойынша 500 миллион доллар ҳәм тәбийғый винода 100 миллион долларға жеткериў мүмкин екенлиги есап-санақ етилген.
Жүзим жетистириўдиң экономикалық нәтийжелилиги де, социаллық әҳмийети де үлкен. Мәселен, 1 гектар жүзим жетистириў ушын орташа 100 миллион сум қәрежет етип, 4 жылдан кейин жылына 250 миллион сум сап пайда алыў мүмкин. Сондай-ақ, жүзим туқымының майы да жәҳән базарында жоқары баҳаланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, 1 гектар ғаўаша майданында 2 адам жумыс ислеп, көби менен 20 миллион сум муғдарында өним жетилистирилсе, жүзим жетистириў, әсиресе, шпалер усылында 10 адамды жумыс пенен тәмийинлеп, 300 миллион сум муғдарында өним ислеп шығарыў ҳәм орташа 25 мың доллар муғдарында экспорт етиў мүмкин.
Бундай таллаўлар усы тараўға үлкен итибар қаратыў, көплеген мәселелер де шешиў зәрүр екенлигин көрсетпекте.
Тилекке қарсы, айырым аймақларда ири жүзим бағлары майданы кейинги төрт жылда 7 мың гектарға азайған. Тармақта селекция дерлик жоқ, елеге шекем 40-50 жыл бурын жаратылған жүзимниң сортлары егилип келинбекте. Жүзимгершиликти жаңалаўды хошаметлеў системасы жолға қойылмаған. Нәл жетистириў илимине ҳәм технологиясына әмел етилмейди, нәл кеселликлери менен илимпазлар да, ислеп шығарыўшылар да шуғылланбайды. Сол себепли өнимдарлық та төменлеп, кеселлик болса, күн сайын көбейип бармақта. Жүзим бағларының дерлик 38 проценти интенсив усылда тәрбияланбақта.
Жергиликли жүзимлеримиздиң өнимдарлығы Азияның басқа мәмлекетлерине салыстырғанда 1,5-2 есеге аз. Қалаберсе, елимизде жетистирилетуғын жүзимлердиң көпшилиги туқымлы болып, жәҳән базарында дәнесиз жүзимге болған талап кескин артып бармақта.
Жүзимди қайта ислеў де заман талабы дәрежесинде емес. Тәбийғый виноның улыўма спиртли ишимликлер тутыныўындағы үлеси тек ғана 2 процентти қурайды.
Энотуризм, яғный вино туризми тармақ сыпатында раўажланбаған. Тек ғана Самарқанд, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында төрт туристлик жүзим плантациялары шөлкемлестирилген.
Сол себепли мәжилисте жүзимгершиликти кең көлемде раўажландырыў мәселелери де додаланды.
Бәринен бурын, таў алды районларында ири жүзимгершилик плантацияларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мысал ушын, өткен жылы Олтиариқ районында ғаўаша майданлары қысқартылып, 2 мың гектар жерде ири жүзим бағлары жаратылған еди. Оларда райондағы 5 мың халық турақлы жумыс пенен тәмийинленди.
Ең тийкарғысы, буның есабынан қосымша 60 мың тонна жүзим жетистирилип, оның экспорты соңғы жылда дерлик 100 миллион долларға, толық өнимге киргеннен кейин болса жылына 200 миллион долларға жетеди.
Сондай-ақ, Фориш, Ғаллаорол, Янгиобод, Чироқчи, Пайариқ, Қўширабод районларында да жаңа жүзим бағлары жаратылған.
Усындай тәжирийбе тийкарында Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлардағы 44 районда жаңа экспортқа жарамлы жүзим плантацияларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Мәмлекетимиз басшысы усы плантацияларға хызмет көрсетиў инфраструктурасын жолға қойыў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Усы мақсетте Аўыл хожалығы министрлигиниң аймақлық бөлимлеринде жүзимгершиликти раўажландырыў, нәл менен тәмиийнлеў ҳәм кеселликлерден қорғаў бойынша Жойбарлаў офислериниң шөлкемлестирилетуғыны белгиленди.
Академик Маҳмуд Мирзаев атындағы бағшылық, жүзимгершилик ҳәм вино жетистириў илимий-изертлеў институты ҳәм басқа да илимий мәкемелердиң жерлеринде сертификатланған жүзим нәллерин жетистириў жолға қойылады. Жүзим бағларын жаратыў ҳәм ескилерин жаңалаўды хошаметлеў мақсетинде сертификатланған жаңа жүзим плантацияларының ҳәр бир гектарына 10 миллион сумнан субсидия бериледи.
Жүзим бағларын шөлкемлестириўди қаржыландырыў ушын банклерге 100 миллион доллар ресурс ажыратылады.
Мийўе-овощлардың молшылығында халықтың қыйтақ жерлери де үлкен дәрек. Мысалы ушын Булақбашы районларындағы шаңарақларда 5 мың тонна жүзим жетистирилип, 15 миллиард сум дәрамат алыныўы күтилмекте.
Президентимиз бул тәржийбени барлық аймақларда ғалаба ен жайдырып, қыйтақ жер шетлеринде, жолдың бойларында жүзим жетистириў дәстүрин кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
Мәжилисте тараўға илим ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Инновациялық раўажланыў министрлигине сырт ел тәжирийбеси тийкарында жүзимниң өнимдарлы, дәнесиз, суўыққа ҳәм кеселликлерге шыдамлы жаңа сортларын жаратыў бойынша тапсырма берилди.
Жүзимди тек ғана шпалерге көтериў есабынан 2-3 есеге көбейтиў мүмкин екенлиги атап өтилди. Оны қоллап-қуўатлаў мақсетинде енди шпалер орнатыў қәрежетлериниң 30 процентке шекемги бөлеги бюджеттен қапланатуғынлығы белгиленди. Сондай-ақ, жүзимгершилкке қолланылатуғын әсбап-үскенелер ҳәм техникалар бажыхана төлемлеринен азат етиледи.
Мәмлекетимиз басшысы жүзимди қайта ислеў ҳәм таяр өнимге айландырыўдың толық циклин жаратыў ушын вино жетистириў кластерлерин шөлкемлестириў керек екенлигин атап өтти.
Оларға жүзимди қайта ислеў, кишмишти кептириў ҳәм қадақлаў үскенелерин сатып атыў ушын финанслық жеңилликлер берилетуғын болды. Сондай-ақ, тәбийғый виноларға акциз салығының бийкар етилетуғыны белгиленди.
Экспорт имканиятлары талланып, усы жылы жүзим өниминиң экспортын 200 миллион долларға, кишмишке жарамлы жүзим экспортын 130 миллион долларға, тәбийғый жүзим виносының экспортын 50 миллион долларға жеткериў мүмкин екенлиги айтылды.
Елимиз жүзим сортларының миллий брендин жаратып, сырт елде үгит-нәсиятлаў, потенциаллы базарлар менен фитосанитариялық келисимлерге ерисиў бойынша тапсырмалар берилди.
– Тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер келеси жылларда экспортты және де арттырыў ушын өзлериниң анық режелерин белгилеп алыўы керек. Буннан кейин жетистирилген өним 30 процентке шекем экспорт етилсе, дәрамат ҳәм мүлк салықлары 30 процентке, экспорт 30 проценттен артса 2 есеге азайтылады. Сондай-ақ, экспорт етилген ҳәр бир литр тәбийғый вино ушын 5 мың сум субсидия ажыратылады, – деди Шавкат Мирзиёев.
Жүзим бағларында энотуризм ушын зәрүр инфраструктура жаратыў илажларына да тоқтап өтилди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.
ӨзА