22.12.2024, Екшемби

Арал ултанында киши көл ҳәм қамысзарлар пайда болмақта

2019-жылдың 26-январь күни  Мойнақтан 200 км, Нөкистен 400 км қашықлықта, Арал теңизиниң ултанынан душшы суў шыққаны ҳаққында хабар берилген еди.

 Бул артезиан қудық 260-280 метр тереңликтен табылған болып, секундына 7 литр суў шығатуғыны айтылған еди.

 Мине арадан еки жыл өтип суў табылған аймақ өзгеше түске енди. Суў турақлы ағып турғанлығы себепли Арал теңизиниң қурыған ултанында киши көл пайда болып қамыслар ырғалып тур. Буларды сиз көрип турған көринислерден аңлаў қыйын емес.