Усы жылдың 2-июль күни Қанлыкɵл районы "Жаңа қала"
аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан "Генжебек" фермер хожалығында
суўды үнемлеўши технологиялардың абзаллықлары, тəкирарий егилген егинлерди
суўғарыўды шɵлкемлестириў бойынша кɵргизбели семинар болып ɵтти.
Семинарға Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министри
Ш.Хамраев, Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Ж.Узақов, район ҳəкими
А.Ибрагимов, ҳəким орынбасарлары, сектор баслықлары, суў хожалығы бɵлиминен
тийисли ўəкиллер, сондай-ақ, кластер шɵлкеми ҳəм фермер хожалықлары баслықлары
қатнасты.
Семинар барысында, районда искерлик алып барып атырған
фермер хожалықларына суўдан үнемли тәризде пайдаланыўдың методлары,
абзаллықлары бойынша кеңнен түсиниклер берилди. Усы шеңберде, фермерлер суўды
үнемлеў бойынша өз тәжирийбелерин билдирип, пикир ҳәм усынысларын келтирип
өтти.
Қанлыкөл районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети