Турнирде елимиз спортшылары менен бирге Россия, Беларусь, Украина, Әзербайжан ҳәмде Камеруннан келген қол урысы шеберлери беллеседи.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик
гимнлери атқарылды.
Турнирдиң салтанатлы ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасты.
Мәресимде сөзге
шыққанлар спортшыларға әўмет тиледи.
Турнирдиң дәслепки беллесиўи 65 килограмм салмақтағы
спортшылар арасында болды.
Онда жерлесимиз, қол урысы бойынша еки мәрте Өзбекстан чемпионы, халықаралық турнирлердиң сыйлы орын ийеси Нурпейс Қарлыбаев әзербайжанлы спортшы, халықаралық турнирлер ҳәм жәҳән чемпионаты сыйлы орын ийеси Руслан Маммадовты жеңди.
Спортшымызды ерискен жеңиси менен Қарақалпақстан
Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қутлықлап, оған пул сыйлығы
менен естелик саўғасын тапсырды.
Турнирдиң 75 килограмм салмақтағы спортшылар арасындағы беллесиўде жерлесимиз, қол урысы бойынша еки мәрте Өзбекстан чемпионы, халықаралық турнирлердиң сыйлы орын ийеси Шерзад Жуманазаров камерунлы спортшы Рушие Шанелди жеңген болса, усы салмақ категориясындағы титуллық беллесиўде қол урысы бойынша Азия ҳәм жәҳән чемпионы Жаҳонгир Жумаев беларуслы Артём Булоичукти нокаутқа ушыратты.
Спортшылармызды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов
қутлықлап, оларға пул сыйлықлары менен естелик саўғаларын тапсырды.