22.12.2024, Екшемби

Көргизбели семинар болып өтти

Бүгин Нөкис районы “Қутанкөл” мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы “Ата журт” фермер хожалығыныӊ босаған ғәлле майданында көргизбели семинар болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министрлигинен жуўапкер қәнигелер қатнасты.

 

 Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 8-июнь күни аўыл хожалығын ҳәм исбилерменликти раўажландырыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў және азық-аўқат өнимлериниң көлемин арттырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди. Усы мәжилисте Ҳүрметли Президентимиз “жерди ҳақыйқый ийесине – халыққа беремиз. Ҳәкимлер, сектор басшылары қайсы пахта ҳәм ғәлле майданын қысқартыўды анықлап, оларды жумыссыз халыққа бериўи зәрүр. Бергенде де, пайдалы етип, әдил түрде ажыратыў керек. Бул жүз мыңлаған адамларымызды жумыс пенен, дәрамат пенен тәмийинлейди”,-деп атап өткен еди.Усы тийкарда Президент тапсырмасына муўапық, районда ғәлледен босаған 4225 гектар жер майданлары кем тамийнленген “Темир дәптер”, “Жаслар дәптери”, “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген жумыссыз пуқараларға берип, оларға район 4 сектор басшылары жақыннан жәрдем бериўи арқалы  гешир, жуўери, мәкке, гүнжи  егиў нәзерде тутилған.



Нөкис районы ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети