(356-санлы, 09.06.2021 ж.) Ҳүкиметлик қарар менен «Гидрометеорология хизмати аълочиси» көкирек белгиси еңгизилди.
Қарарға муўапық, бул көкирек белгиси менен гидрометеорология тараўын раўажландырыў жумысларына үлкен үлес
қосқан, жас қәнигелерди таярлаў бағдарында жемисли мийнет еткен пуқаралар
сыйлықланады.
Гидрометеорология хызмети орайы («Ўзгидромет») системасындағы
шөлкемлер менен бирге аймақлық гидрометеорология басқармалары көкирек белгиси
менен сыйлықлаў бойынша усынысларды ҳәр жылы 1 апрелге шекем «Ўзгидромет”ке бериўи (талабан ҳаққындағы
мағлыўматнама, оның кейинги үш жыл даўамында тараўда әмелге асырған мийнетлери
сәўлелендирилген усыныс қосымша етиледи).
Көкирек
белгиси менен сыйлықлаўға байланыслы усынысларды көрип шығыў бойынша комиссия
ҳүжжетлерди үйренип, ҳәр жылы 20-апрелге шекем мүнәсип талабанлар бойынша
жуўмақлаўшы шешим қабыллайды.
Көкирек
белгиси ҳәр жылы 7-май – «Ўзгидромет» шөлкемлестирилген күн қарсаңында
салтанатлы түрде тапсырылады.
Сыйлықланғанлар
980 мың сўм муғдарындағы пул сыйлығы бериледи.