22.12.2024, Екшемби

Қарақалпақстанда ҳаўадан ишимлик суўын алыў жолға қойылды


«Ўзгидромет»тиң басламасы менен Қарақалпақстан  Республикасы  Шымбай районы метеостанциясына атмосфера ҳаўасынан ишимлик суўын ислеп шығарыў  «атмосфера суў генераторы» (Аирақуа - 7-та тазалаў фильтринен ибарат) қурылмасы тәжирийбе (сынақ) түринде иске түсирилди.

 

"Ўзсувтаъминот" АЖниң мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген хабарда, бул қурылма ишимлик суўы жетип бармаған  ҳәм жеткерип бериў экономикалық жақтан қымбатқа түсетуғын аймақларға масластырылған.

Бул инновациялық технология сынақ түринде жолға қойылды ҳәм оннан алынып атырған статистикалық мағлыўматлардан пайдаланған ҳалда республикамыздағы басқа метеостанцияларға орнатыў режелестирилмекте.

Атмосфера ҳаўасы ығаллықлардың үлкен резервуары екенлиги есапқа алынса,  атмосфера суў генераторын орнатыў атмосфера суўын ислеп шығарыўшы дүньядағы ең нәтийжели қурылма десек болады.

Соныда айрықша атап өтиў керек, қурылма дистилленген суўдан да тазарақ суў алыў имканиятын жаратады. Қурылма атмосфера ҳаўасы ығаллығына ҳәм температураға қарап күнине шама менен 12 литрден 30 литрге шекем ишимлик суўын жеткерип бериў имканиятын жаратады.

Көп қуўатлылық (1 кВт) талап етпейтуғынлығы, ықшам, экологиялық таза, пайдаланыўда техникалық жақтан инсан өмирине қәўипсиз екенлиги оның қолайлы тәреплеринен бири есапланады.


Аўдарма: ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети, Мәлимлеме хызмети қәнигелигиниң 1-курс студенти

Ибраимова Дилфуза