1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Хожели районындағы 1-санлы Мехрийбанлық үйинде байрам илажы болып өтти. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы С.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Р.Реймов, Хожели районы ҳǝкими Ж.Ермашевлар балаларды байрам менен қутлықлап, саўғалар тапсырды.
Илаж даўамында Мехрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған
концерт бағдарламасы қойып берилди.
Хожели районындағы меҳрийбанлық үйи питкериўшилериниң басым көпшилиги
жоқары оқыў орынларына кириў бахтына еристи. Соның менен бирге халықаралық бир
неше таңлаўларда жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте. Бул әлбетте мәмлекетимиз
тәрепинен қаратылып атырған итибар ҳәм ғамхорлықтың мийўасы десеке асыра айтқан
болмаймыз.
Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети