22.12.2024, Екшемби

Арал теңизине пресс-тур шөлкемлестирилди

Усы жылдың 29-май күни Мойнақ районы ҳәм Арал теңизине ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди. Оған республикамызда ҳәрекетте болған журналист блогерлер қамтып алынды. Дәслеп пресс-тур қатнасыўшылары Судочье көлин барып көрди.




Өзине тән тәбиятқа ийе болған бул көлди ҳәр түрли қуслар мәкан еткен. Басым көпшилик майданы қамыслар менен қоршалған Судочье көли жүдә сулыў көриниске ийе. Пресс-тур қатнасыўшылары бул жерде ақ қус, жабайы үйрек, қасқалдақ, бир қазан ҳәм ең баслысы фламинго қусларын көриў бахтына еристи. Өзиниң гоззал тәбияты менен сырт елли мийманларды өзине тартып турған Судочье көлиниң улыўма майданы 50 мың гектардан аслам болып, бул жерде Өзбекстан Республикасының Қызыл китабына киргизилген 40 түрдеги қуслардың 30 түри жасайды.


Соның менен бирге Пресс-тур қатнасыўшылары Судочье көлиниң жағасында 1924-жылда қурылған Балық заводының гүўасы болды. Бул жерде балықшылар аўылы жайласқан болып, сол дәўирдеги мектеп, емлеўхана ҳәм турақ-жайлардың қалдықларын көриўге болады.


Сапар даўамында ғҳқ ўәкиллери Арал теңизине жетип келди. Теңиз толқынларының шаўқымы, оның жағаға келип урылып қайтыўы бир дем терең ойға талыўға мәжбүрлейди. Бир жағы Устюртге барып биригип турған теңиз бир тегис шайқалады. Оның ҳәр бир тамшы суўында үлкен мәни бар. Теңизди дәслепки рет көргенлер өзиниң сезимлерин жасыра алмады.




Кейинги мәнзил Устюрттеги коньонлар болды. Бийик, ҳәр түрли нағысларға дөнген коньонлар Америка фильмлерин еслетеди. Булар, бир ўақытларда Арал теңизиниң толқынлары менен айқасқан,  нешше әсирлик сырларды өзинде жәмлеген коньонлар. Оларды көрген ҳәр бир инсанда өзгеше сезимлер оянады. Булардың барлығы елимиздиң гоззал ҳәм қайталанбас тәбияты.




Күнниң екинши ярымында пресс-тур  қатнасыўшылар “Экология” ҳәм “Арал теңизи тарийхы” музейлери, «Муйноқ минерал тузи” ЖШЖ менен “Мойнақ аэропорты”нда болды.

Бир күнлик пресс-турдан кейин район ҳәкимлигинде баспасөз конференциясы болып өтти. Онда ҒХҚ ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўлар ҳәм усыныслары менен мүрәжат етти.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети