Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы Мәлимлеме
хызметиниң хабар бериўинше, Өзбекстан
Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети «Қубла Үстирт»
миллий тәбият бағы инспекторлары тәрепинен 2021-жылдыӊ 24-май күни Қоӊырат
районы Үстирт тегислигинде өткерилген рейд илажы даўамында, Қоӊырат районы
“Жаслық” МПЖда жасаўшы Б.Р. ҳәм Т.Р. исимли пуқаралар “Урал” маркалы 2 дана
мотоцикльде аў мылтығы жәрдеминде 11 дана кийиклерди нызамсыз аўлап киятырған
ўақтында иркилген.
Буннан кейин, пуқаралар Б.Р. ҳәм Т.Р. лар өзлерине тийисли
болған “Урал” маркалы 2 дана мотоциклин жағып жиберип, инспекторларға тийисли
болған 4 дана қол телефон аппаратларын тартып алып, «Қубла Үстирт» миллий
тәбият бағына тийисли болған “Нива” маркалы хызмет автомашинасыныӊ 4 дана
балонларын тесип, ҳәрекетлениўине тосқынлық етип, ҳәдийсе орнынан жасырынған.
Нәтийжеде браконьерлер тәрепинен ҳайўанат дүньясына 134 млн.750 мыӊ сум муғдарында зыян жеткерилген.
Усы ҳалат бойынша Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы
тәрепинен ӨзР. Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси
қозғатылып, Б.Р. ҳәм Т.Р.лар ЖПК 221-статьясы тәртибинде усланды.
Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.