БМШ Бас Ассамблеясының Аралбойы аймағын экологиялық инновация ҳәм
технологиялар зонасы деп жәриялаў ҳаққындағы резолюциясына Корея
Республикасының елшиси Кан Чжэ Квон өз мүнәсибетин билдирип, мәмлекет Аралбойы
аймағын қутқарыў жойбарларына 7 миллион долларға шамалас қаржы ажыратып
атырғаны ҳаққында мәлим етти.
– Ең алды менен, Өзбекстанды халықаралық жәмийетшиликтиң белсенди ағзасы
сыпатында БМШтағы гезектеги табысы менен қутлықлайман. Пүткил адамзат Арал
теңизи кризисине мүнәсип дәрежеде қызығыўшылық билдириўи керек. Бул кризис
қоршаған орталық, жергиликли халықтың турмысы, жәмийет ҳәм мәденият, экономика
ҳәм раўажланыў, адамзат ҳәм келешек ушын үлкен машқалалар пайда етти. Бул тек
ғана Орайлық Азия емес, соның менен бирге Азия континенти ушын әҳмийетли мәселе
болып табылады, – деп айтып өткен елши Квон «Дунё» мәлимлеме агентлигине.
Оның атап өтиўинше, Корея Республикасы Аралбойы аймағын қоллап-қуўатлаўға
таяр. Қубла Кореяның илимий жәмийетшилиги, медициналық шөлкемлери, компаниялары
ҳәм социаллық тараў ўәкиллери Өзбекстан менен биргеликте усы жойбарларды әмелге
асырыўға белсене қатнасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги