Тарийх илимлериниӊ кандидаты, билимлендириў тараўыныӊ
ветераны, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан
бөлиминиӊ баслығы Атамуратов Татлымурат Жумамуратович Өзбекстан ветеранларыныӊ
социаллық жумысын қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры қәўендерлик Кеӊесиӊиӊ карарына
муўапық «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Атамуратов Татлымурат Жумамуратович өзиниӊ 50 жыллық мийнет жолы даўамында тек ғана халық билимлендириў тараўында емес ал мәмлекетлик басқарыў тараўында да ҳәр қыйлы жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барды.
Атап айтқанда 1990-1997-жылларда Қарақапақстан Республикасы Халық билимлендириў министри, 1997-2000-жылларда Қарақапақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары, социаллық мәселелер комплексиниӊ баслығы ҳәм 2000-2008-жылларда Тахтакөпир районы ҳәкими лаўазымларында жумыс алып барды.
Өз жумысына талапшаӊ Татлымурат Жумамуратович буннан соӊғы жылларда да билимлендириў тараўында жумыс ислеп, тараўдыӊ раўажланыўына, педагог кадрлардыӊ маманлығын арттырыўда, сондай-ақ, келешек әўладқа тыянақлы тәлим тәрбия бериўдей ийгиликли ислерге мүнәсип үлес қосып келмекте.
Атамуратов Татлымурат Жумамуратович 2021-жылдыӊ февраль айынан баслап Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиӊ баслығы лаўазымында ислеп келмекте.
Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы
Қарақалпақстан бөлиминиӊ мәлимлеме хызмети