22.12.2024, Екшемби

ТҮРКИЯ ПРЕЗИДЕНТИ ӨЗБЕКСТАН ХАЛҚЫ ҲӘМ ПРЕЗИДЕНТИН ҚУТЛЫҚЛАДЫ


Өзбекстан Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза, әзиз достым!

Тамыры узақ әсирлерге барып тақалатуғын бирдей дәстүрлеримизден болған, бәҳәр ҳәм жаңа басланыў сүйиншисин алып келиўши, туўысқанлық, тынышлық, бирлик ҳәм тилеклеслик тымсалы болған Наўрыз байрамы мүнәсибети менен Сиз Уллы Мәртебели Мырзаны ҳәм дос, туўысқан Өзбекстан халқын түрк халқының ҳәм жеке өзимниң атымнан шын кеўилден қутлықлайман.

Тәбияттың ояныўы арқалы кеўиллерде өз-ара түсинисиўди, пикирлесиўди, тилеклесликти беккемлеўши Наўрыз байрамы ҳәр жылы болғаны сыяқлы быйыл да Балқанлардан баслап Орта Шығысға шекем, Анадолыдан Орайлық Азияға шекемги кең қамтылған регионда қуўанышлы түрде белгиленеди.

СОVID-19 пандемиясы менен байланыслы усы қыйын дәўирде Наўрыз байрамы тек ғана еллеримиз ҳәм регионымызға емес, ал пүткил дүньяға саўлық-саламатлық, тынышлық алып келиўин тилеймен.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға денсаўлық, бахыт ҳәм табыс, дос ҳәм туўысқан Өзбекстан халқына абаданлық ҳәм аманлық тилеп қаламан.

Режеп Таййип Эрдоған,

Түркия Республикасы Президенти