Атақлы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, дипломат ҳәм тарийхшы Қәллибек
Камалов 1926-жылы 18-март күни Қараөзек районы аймағында туўылған.
1947-1959-жыллары түрли жуўапкерли лаўазымларда жемисли мийнет еткен. 1959-1963-жыллары
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1963-1984-жыллары
областлық партия комитетиниң биринши секретары, 1984-1986-жыллары Румынияның
Констанца қаласында бас консул лаўазымларын инабатлы атқарған.
Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық, сиясий, мәдений раўажландырыўдағы
уллы хызметлери ушын Мийнет Қаҳарманы ҳәм бир қатар орден-медальлар, «Өзбекстан
Республикасына хызмет көрсеткен экономист» ҳүрметли атақлары менен сыйлықланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен «Эл-юрт ҳурмати» ордени
менен сыйлықланды.
Қ.Камалов тарийхшы сыпатында бир қатар китап ҳәм мақалалардың авторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги