Қарақалпақстан Республикасы Министрлер
Кеңесиниң
қарары
«Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳақында»ғы Қарақалпақстан
Республикасы Нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл
26-августтағы «Аўыл хожалығына мөлшерленген бос турған жер участкаларын бериў
және архитектура-қурылыс жумысларын әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын және де
жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4427-санлы ҳәм Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 20-декабрьдеги «Исбилерменлик ҳәм қала
қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын бос турған жер участкаларын бериў
тәртип-қағыйдаларын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 1023-санлы
қарарларына муўапық, исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге
асырыў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген бос турған жер участкаларын электрон
онлайн-аукцион арқалы турақлы пайдаланыўға бериўдиң минимал баҳасын белгилеў
мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси қарар етеди:
- Қарақалпақстан Республикасы
Қаржы министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық
басқармасы және Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы тәрепинен 2021-жылдың 1-ярым жыллығы ушын исбилерменлик ҳәм
қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген бос турған
жер участкаларын электрон онлайн-аукцион арқалы турақлы пайдаланыў ҳуқықы
(0,01 га майдан) бойынша ислеп шығылған минимал баҳасы бойынша усыныслары
мақуллансын.
- Нөкис қаласы ҳәм районларда
исбилерменлик субъектлерине инвестиция киргизиў ҳәм социаллық миннет
жүклеў шәрти менен исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў
ушын аўыл хожалығына мөлшерленген бос турған жер участкаларын электрон
онлайн-аукцион арқалы 0,01 га жер майданын турақлы пайдаланыў ҳуқықы
менен бериўдиң минимал баҳасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Жер участкасынан турақлы
пайдаланыў ҳуқықының ҳәр бир район (қала) ушын минимал баҳасын белгилеўде
жер салығының жыллық муғдары, жер участкасын таңлаў материалларын таярлаў
жумысларының баҳасы ҳәм жер участкасына болған ҳуқықларын мәмлекетлик
дизимнен өткериўге байланыслы қәрежетлер, жер участкасының жайласқан орны,
инженерлик-коммуникация тармақларына қосылыў ноқатларының бар екенлиги
сыяқлы нормалары инабатқа алынатуғынлығы белгиленсин.
- Нөкис қаласы ҳәм районлардың
ҳәкимлери, Қарақалпақстан Республикасы қурылыс министрлиги (Ж.Бердиханов),
Кадастр агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (И.Тлеуов),
Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
(У.Жалилов) менен биргеликте белгиленген тәртипте юридикалық ҳәм физикалық
тәреплерге исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысын әмелге асырыў ушын жер
участкаларын турақлы пайдаланыўға бериў мақсетинде аукцион саўдаларына
шығарылатуғынын тәмийинлесин.
- Нөкис қаласы ҳәм районлардың
ҳәкимликлери тәрепинен аукцион саўдаларына сатылған жер майданларынан
мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы мониторинг алып барсын
ҳәм мақсетсиз пайдаланыў жағдайлары анықланған жағдайда жер участкаларын
резервке алыў илажлары көрилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы
Мәмлекетлик салық басқармасы (Х.Бекчанов), Кадастр агентлигиниң
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (И.Тлеуов), Мәмлекетлик кадастрлар
палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (Б.Мадаминов) бос жер
майданы ҳәм имаратларды минимал баҳасына қатаң әмел етилиўи және
жергиликли бюджетке пул түсимлерин өз ўақтында ҳәм толық түсирилиўин
тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы
Мәмлекетлик салық басқармасы (Х.Бекчанов) Нөкис қаласы ҳәм районлар ушын
жер участкасынан турақлы пайдаланыў ҳуқықының минимал баҳасын усы қарар
тастыйықланған сәнеден баслап бир жумыс күни ишинде «YERELEKTRON»
автоматластырылған мәлимлеме системасына киргизиў илажын көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 14-августтағы 217-санлы қарары өз күшин
жойытқан деп есаплансын.
- Қарақалпақстан
телерадиокомпаниясына (Н.Жақсымуратова), Қарақалпақстан Республикасы
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар басқармасына (А.Бекмуратов),
Қарақалпақстан Мәлимлеме агентлигине (Б.Нурабуллаев) ҳәм «Еркин
Қарақалпақстан» және «Вести Кааракалпакстана» газеталары редакциясына
(Қ.Байниязов) усы қарарды белгиленген тәртипте халық ҳәм исбилерменлер
арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, мақалалар басып шығарыў және ғалаба хабар
қураллары арқалы кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарар рәсмий жәрияланған
күннен баслап күшке киретуғынлығы белгилеп қойылсын.
- Усы қарардың орынланыўын
қадағалаў Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши
орынбасары Н.Ерлепесовқа, Министрлер Кеңеси Баслығының
орынбасарларына (Б.Хабибуллаев, Е.Аташов, С.Хожаметов) жүкленсин.
Қ.Сариев
Қарақалпақстан Республикасы
Министрлер Кеңесиниң Баслығы