Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң
орынбасары Баситханова Эльмира Иркиновна Әмиўдәря, Беруний, Төрткүл ҳәм
Елликқала районлары медициналық бирлеспелериниң "Аналық ҳәм балалық"
бойынша орынбасарларына мастер класс өткермекте.
Халықтың саламатлығын беккемлеў, аналар өлимшилигиниң алдын
алыў, ҳаяллар мәсләҳәтханаларының орны, антинатал көрсетиў бойынша мысаллар
менен түсиндирилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў
министрлигиниң тийисли тараў шыпакерлери әмелий жумыслардың шөлкемлестирилиўи
бойынша түсиниклер бермекте.