Бүгин Элликқала районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық
қабыллаўханалары, Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сектор, мәмлекетлик
қәўипсизлик хызмети, Жаслар ислер
агентлиги, министрлик ҳәм мәкемелердиң басшылары
тәрепинен «Темир дәптер» ҳәм «Жаслар дәптери»не дизимге алынған жаслар менен ушырасыў болып
өтти.
Дәслеп «Жаслар дәптери»не дизимге алынған жаслар арасында исбилерменликке
қызығыўшылығы бар болған пуқараларға
берилип атырған мүмкиншиликлер, райондағы жаңа жумыс орынлары, Жаслар «1+1»
дәстүриниң әҳмийети, бизнес жойбарды әмелге асырыў ҳәм ажратылып атырған
субсидиялардың жаңа механизми бойынша интерактив семинар тренинг
шөлкемлестирилди. Соның менен бирге, кибер жынаяттың алдын алыўға байланыслы
видеоролик қойып берилди.
Ушырасыўда жаслардың машқалалары, пикир ҳәм усыныслары тыңланды. Өз исбилерменлигин баслаў нийетинде болған жасларға жеңиллетилген кредитлер ажыратылатуғын болды. Соның менен бирге жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.