Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 20-марттағы ПҚ-4247-санлы қарары менен Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында айрықша экологиялық əҳмийетке ийе болған тəбийғый объектлер ҳəм комплекслерди, ҳайўанлардың сийрек ушырасатуғын түрлерин сақлап қалыў ҳəм оларды қайта тиклеў мақсетинде улыўма майданы 280 507 гектар болған мəмлекетлик тəбиятты қорғаў мəкемеси түриндеги “Судочье-Акпетки” мəмлекетлик буйыртпа резерваты шөлкемлестирилди.
Буйыртпа резерватының тийкарғы мақсети жағалаў ландшафтлары,
каналлар, коллекторлар ҳəм олардағы суўдың ағымы, суўдың əтирапында жасаўшы
қуслар, сийрек ушырасатуғын ҳəм жоқ болып кетиў қəўпи астында турған балықлар,
жыртқыш қуслар ҳəм сүт емизиўшилерди сақлап қалыў, соның менен бирге оларды көбейтиўден ибарат.
Аўдарма: ҚР Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети