Мəлим етилиўинше, 2020-жыл
16-декабрь күни Беруний районы, Бунёдкор мəҳəлле пуқаралар жыйынында турақлы
жасаўшы пуқара М.В. ҳəм оның үйиниң алдына нызамсыз түрде дүкəн қурып алған,
исбилерменлик пенен шуғылланып атырған пуқара С.Д арасында өз-ара жəнжел келип
шыққан. Нəтийжеде пуқара М.В.ға дене жарақаты жеткерилген.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мəлимлеме хызметиниң ƟзА хабаршысына мəлим етиўинше, жүз берген жағдай бойынша 2020-жылдың 30-декабрь күни Беруний районы Ишки ислер бөлими жанындағы тергеў бөлими тəрепинен Ɵзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 109-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси ашылып, дəслепки тергеў ҳəрекетлерине киргизилген.
Алып барылып атырған дəслепки тергеў ҳəрекетлери
даўамында жынаят иси 2021-жылдың 19-январь күни Ɵзбекстан Республикасы Жынаят
кодексиниң 109-статьясы 2-бөлиминен Ɵзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң
277-статьясының 3-бөлими «а» бəнтине қайта квалификацияланып, ҳəзирги ўақытта
жынаят иси бойынша процесс қатнасыўшылары менен байланыслы барлық тергеў ҳəм
процессуал ҳəрекетлер əмелге асырылмақта.
Жəнжелде қатнасқан ҳəр бир шахстың ҳəрекетлерине нызам
шеңберинде баҳа бериледи. Жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы
ҳəм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў
басқармасы тəрепинен айрықша қадағалаўға алынған.
Даўыт АБИБУЛЛАЕВ, ЎзА