22.12.2024, Екшемби

Пиядалар көпири усы жылдың апрель айында пайдаланыўға тапсырылады

Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы 4р176 “Нөкис – Шымбай – Тахтакөпир” автомобиль жолының 4,5 км.де жайласқан пиядалар өтиӯши көпирдиң қурылыс жумыслары 2020 жылдың март айында басланған болып, темир-бетон қазығы, насадкасы, темир-бетон “лесницасы” хәм темир-бетон балкаларын орнатыў жумыслары Қарақалпақстан КПУК тәрепинен әмелге асырылған болса, көпирдиң темир торы хәм Архитектуралық дизайндағы метал конструкциялы устки бастырмасы  “Алмазбек метал строй” ЖШЖ тәрепинен орнатылмақта.


Пиядалар өтиӯши көпирдиң қурылыс жумысларының созылыӯ себеплери, проект смета хүжжетлери 2014 жылы “Бош кўприк лойиҳа” МЧЖ тәрепинен әмелге асырылғанлығы ҳəм ол бүгүнги күнниң талабына мас келмегенлиги себепли, проектти жаңаша, заманагөй көриниске келтириӯ мақсетинде, “Архангел груп” ЖШЖ тәрепинен путкиллей жаңа, заманагөй, Архитектуралық көриниске өзгертирилди. Жойбар хүжжетлерине өзгерислер киритилгенлиги себепли, қурылыс жумыслары ӯақтынша тоқтатылды.



Ҳəзирги ўақытта көпирде пиядалардың қәӯипсизлигин тәминлеӯ мақсетинде, көпирге шығыӯшы жоллары темир тосынлар менен бекитилгенлиги хәмде көпир әтирапинда абаданластырыӯ жумыслары алып барылып атырғанлығын мәлим етип билдиремиз. Сондай-ақ көпир усы жылдың 1-апрель сәнесине пайдаланыўға тапсырылады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы баслығы А.Гобенов Министрлер Кеңесинде болып өткен дөгерек сəўбетинде мəлим етти.

 

ҚР Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети