Қарақалпақстан Республикасында «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў жойбары» шеңберинде дəслепки жумыслар 2019-жылда Бостан каналы қурылысынан басланған еди. Бул жойбардың тийкарғы мақсети – халықтың суўға болған талабын қанаатландырыўға қаратылған.
Жойбар бойынша 20 темир бетон жол көпирлерин қурыў
режелестирилген. Соннан Елликқала районы аймағынан 5 жаңа автокөпирлер
қурылады. Ҳəзирги ўақытта «Тоза боғ» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Бостан-Сарабий»
автожолының Бостан каналы менен кесилискен жеринен автомобиль жолы көпирин
қурыў жумыслары алып барылмақта. Автокөпирдиң улыўма баҳасы 4 млрд. 200 млн
сўм. Көпир жолының узынлығы 70 метрди қурайды. Бул қурылысты усы жылда
пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.
Елликқала районы ҳəкимлигиниң Мəлимлеме хызмети