Ɵзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила
Нарбаева Қарақалпақстан Республикасында болды.
2021-жыл 22-январь күни Сенат Баслығы Т.Нарбаева ҳəм
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов Мойнақ районында
сапарда болды.
Президентимиздиң Мойнақ районына болған сапары даўамында «Мəденият
Мойнақтан басланады», деген басламасы тийкарында бул жерде көлемли жумыслар əмелге
асырылды. Солардан бири – район орайынан
өткен жылы қурылған «Ақ кеме» балалар дем алыў орайы.
Сенат Баслығы сапары даўамында усы орайда балаларға
жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Мəмлекетимиз басшысының басламасы менен 2018-жылда Арал теңизиниң қурыған ултанында «Жасыл қапламалар»ды жаратыў ушын сексеўил егиў жумыслары басланған еди. Ҳəзирги ўақытта да бул жумыслар шөлкемлескенлик пенен даўам еттирилмекте, бул жумысларға мəмлекетимиздиң барлық аймақларынан механизаторлар тартылған.
Т.Нарбаева Аралдың ултанында шөлкемлестирилген сексеўил егиў жумыслары менен де танысты. Сол жердиң
өзинде «Оролга мадад» акциясы өткерилди. Акция даўамында Сенат баслығы жумысшы
ҳəм механизаторлар менен ушырасып, оларға жаратылған шараятларды үйренди. Илаж
даўамында штабқа сексеўил туқымы, нəл ҳəм азық-аўқат өнимлери берилди. Бул
ийгиликли ислердиң қатнасыўшыларына миннетдаршылық сыпатында концерт
бағдарламасы қойып берилди.
Сапар даўамында Сенат Баслығы Т.Нарбаева Мойнақ экология музейиниң экспонатлары менен де танысты. Сол жерде сүўретши ҳəм дизайнер қызлар менен жақыннан сəўбетлести, дөретиўшилик жумысларында табыслар тиледи.
Сондай-ақ, Мойнақ районы орайындағы Мəденият сарайында
шөлкемлестирилген «Нафосат» модалар көргизбесиниң ашылыў салтанатларында да
қатнасты. Онда дизайнерлер тəрепинен жаратылған заманагөй түстеги миллий кийимлер
инəм етилди.
Бул фестивалға Бухара, Ташкент, Әндижан ҳəм Хорезимнен көплеген дизайнерлер өзлериниң дөретиўшилик жумыслары менен қатнасты. Әсиресе «Сəўкеле», «Әййемги туран əпсанасы», «Тумар», ҳəм «Нил гранит» сыяқлы дөретпелер көпшиликте қызығыўшылық оятты. Илаж даўамында өзиниң дөретиўшилик жумыслары менен белсендилик көрсетип киятырған дизайнерлер сыйлықланды.
Сенат Баслығы Т.Нарбаева «Мойнақ
текстиль» кəрханасында ислеп шығарылып атырған өнимлерди барып көрди ҳəм сол
жерде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар менен сəўбетлести. Сондай-ақ, «Ҳаяллар дəптери»не
киргизилген кем тəмийинленген ҳəм көп балалы 10 шаңарақ ўəкиллери менен
ушырасып, олардың ҳалынан хабар алынды.
Сенат баслығының
Қарақалпақстаандағы сапары даўам етпекте.
Ɵзбекстан Республикасы Олий
Мажлис Сенатының Мəлимлеме хызмети