22.12.2024, Екшемби

БҮГИН ТАҚЫЯТАС РАЙОНЫНДА АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫНДАҒЫ ӘҲМИЙЕТЛИ МӘСЕЛЕЛЕРГЕ БАҒЫШЛАНҒАН РЕСПУБЛИКА КӨЛЕМИНДЕГИ КӨРГИЗБЕЛИ ӘМЕЛИЙ СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ

Семинарға Қарақапақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер баслықлары, район ҳәкимлери, кластер кәрханалары ҳәмде фермер хожалықлары баслықлары қатнасты.


Семинарда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-декабрьдеги “Аўыл хожалығында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди буннан былай да жедел шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы, егин майданларын лазер үскенелер көмегинде тегислеў, суўды үнемлеў технологиялары, тамшылатып суўғарыў, жаўын ҳәм дискретли суўғарыў технологиялары, егин майданларын шор жуўға таярлаў, жаңадан шөлкемлестирилип атырған жүзим ҳәм интенсив бағ нәллериниң жер майданларын таярлаў, пуқаралар шаңарақларында теплицалар ҳәмде интенсив түрде балық жетистириўди жолға қойыў, аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларын оңлаў ҳәм мәўсимге таярлаў мәселелери додаланды ҳәм бул бойынша толық мағлыўмат берилди.

Суды үнемлеў технологиясын енгизилиўи бойынша усы жылға койылған режеге тийкар тамшылатып суўғарылатуғын жер майданлары 28 мың гектарға жеткерилиўи кереклиги хаққында тапсырмалар берилди.
Соның менен қатар болып өткен көргезбели әмелий семинар ҳәр бир районда шөлкемлестирилиўи ҳаққында айтып өтилди

Тақыятас районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети