Ɵткен
2020-жыл өзиниң оғада аўыр келгени менен ажыралып турады. Пүткил дүнья жүзин
жаўлап алған коронавирус бизиң елимизди де шетлеп өтпеди. Деген менен
Президентимиз тəрепинен алып барылған əдил сиясат ҳəм кеңпейил халқымыздың
аўызбиршилиги бул сынақты да жеңип өтиўге имканият жаратты.
Пандемия
дəўиринде баслы мақсет халқымыздың саламатлығын сақлаў болды. Сонлықтан көпшилик
кəрханалар, исбилерменлер өз жумысын ўақтынша тоқтатыўға мəжбүр болды. Халықтың
белгили қатламы дəраматсыз қалды.
Бирақта
мəмлекетимиз оларды таслап қоймай ҳəр тəреплеме қоллап-қуўатлады. Соның менен
бирге елимизде саўап исти ислеўши жақсы инсанлар өзлериниң жəрдемин берди.
Мəселен, 2020-жылда Нөкис қаласындағы кем тəмийинленген, жəрдемге мүтəж болған 5 шаңарақтың турақ жайы бузып жаңадан қурып берилген болса 4 шаңарақтың турақ жайы қайта оңлап берилди. Тақыятас районында 3 шаңарақтың турақ жайы қайта қурылды ҳəм 3 шаңарақтың турақ жайы реконструкциядан шығарылды.
Бозатаў
районында 2020-жылда райондағы кем тәмийинленген 6 шаӊарақтыӊ турақ-жайларында
қайта онлаў жумыслары алып барылды.
Соныӊ менен бирге, турақ-жайға мүтәж ҳаял-кызларды ҳәм шанарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде район орайынан 4 қабатлы 24 шаӊараққа мөлшерленген арзанластылған турақ жайларды қурыў жумыслары алып барылды. 10 ҳаял-қыздыӊ дизими қәлиплестирилип, үй-жайларыныӊ басланғыш төлеми Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў жәмәәтлик фонды тәрепинен төлеп берилди. Сондай-ақ, Нөкис районында да 10 шаңарақты турақ-жай менен тəмийинлеў мақсетинде дəслепки төлемлери төлеп берилген болса 7 пуқараның турақ жайы оңлап берилди.
Қубла районларда да бундай қайырлы ислер əмелге асырылды. Атап айтқанда Беруний районында 10 ҳаял-қызға турақ жай ушын дəслепки төлем төлеп берилип, 1 пуқараға жаңа имарат қурып берилди. Төрткүл районында еки шаңараққа турақ жай қурып берилип бир шанарақтың уйи реконструкциядан шығарылды. Елликқала районында 2 пуқараға жаңа имарат қурып берилип, 19 шаңарақтың турақ-жайы реконструкциядан шығарылды ҳəм 6 шаңарақтың басланғыш төлеми төлеп берилди.
Қанлыкөл
районында болса 3 пуқараға жаңа имарат тиклеп берилип, 11 пуқараның жайы
реконструкциядан шығарылды. Ал, Тахтакөпир районында 6 пуқараға жаңа турақ-жай
қурып берилген болса 8 пуқараның имараты оңлап берилди.
Мойнақ районында 50 пуқараның арзанластырылған көп қабатлы турақ жайларының 10 пайыз басланғыш төлеми төлеп берилип, 18 хожалықтың турақ жайында оңлаў жумыслары алып барылды. Соның менен бирге 5 хожалыққа жаңа имарат тиклеп берилди.
Әлбетте
бундай қайырлы ислер республикамыздың барлық районларында əмелге асырылды.
Булардың барлығы жоқары инсаныйлық пазыйлеттиң бир көриниси десек асыра айтқан
болмаймыз.
ҚР
Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети