Мехрийбанлық
үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған балалар, ата-аналары Ўатанымыз
шегараларын қорғаўда қурбан болған 3-15 жастағы балалар, жəне де социаллық қорғаўға
мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын 11 000 дана “Президент саўғасы”
таярланып аймақларға жиберилмекте.
“Президент
саўғасы” қурамына 20 түрдеги мазалы өнимлер, 3 түрдеги оқыў қураллары ҳəм 2
түрдеги буйымлар киргизилген.
“Президент
саўғасы” Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўəлаятына “Uzbekistan Airways” АЖ
самолётлары арқалы ҳəм қалған ўəлаятларға транспорт арқалы жеткериледи.
Ɵзбекстан
Республикасы Президенти атынан таярланған саўғалар усы жылдың 29-30 декабрь
күнлери жеткерип бериледи.
Аўдарма: ҚР
Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети